Мәмлекетлик тест орайының хабар бериўинше, жаслардың билим алыўы ушын имканият жаратыў мақсетинде базалық төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилмеген, бирақ 56,7 балл ҳәм оннан жоқары балл топлаған абитуриентлерге дифференциалластырылған төлемли контракт тийкарында оқыў имканияты жаратылады (2019-жылы 32 948 абитуриент усындай имканияттан пайдаланған).

 

Буның ушын усы категориядағы абитуриентлер, 2020-жыл 26-сентябрьден баслап жоқары оқыў орынларына мүрәжат етиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.