Бүгин дүнья жүзинде ҳәўиж алған пандемия барлық мәмлекетлердиң сиясий, социаллық ҳәм экономикалық жағдайына өзиниң кери тәсирин тийгизбей қалмады. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясы күтилмегенде жүз берген айрықша жағдай себепли онлайн тәризде өткерилди.

2020-жыл 23-сентябрь. Бул сәне мәмлекетимиз тарийхы бетлерине алтын ҳәриплер менен жазылатуғын күн болды. Себеби, Ҳүрметли Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының
75-сессиясында мәмлекетлик тил – өзбек тилинде шығып сөйлеп, Ўатанласларымыздың ертеңги жақты күнлерге болған исенимин арттырды.

Ҳүрметли Президентимиз өз шығып сөйлеўинде халықаралық ҳәм аймақлық әҳмийетке ийе болған бир қатар ўазыйпалар бойынша зәрүр басламаларды алға қойды. Атап айтқанда, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, климат өзгериўи, азық-аўқат қәўипсизлиги машқаласы, кәмбағаллықты сапластырыў ҳәм қысқартыў мәселелерин ортаға таслады.

Булардың барлығының жоқары минберде мәмлекетлик тилде билдирилиўи жүз жыллық тарийхымыздағы қуўанышлы ўақыялардың бири болып, өзиниң мазмуны, глобал көлемдеги мәселелерди шешиўдеги үлкен әҳмийети менен бәршениң итибарын тартты. Мәмлекетимиз тымсалы ана тилимиздиң қәдирин және де бәлент көтерди.

Ҳүрметли Президентимиздиң баянатында алға қойылған басламаларды бирме-бир алып қарайтуғын болсақ, оның орайында ең биринши гезекте инсан мәпи ҳәм ҳуқықлары турғанлығын терең аңлаймыз.

Мәмлекетимиз басшысы өз мүрәжаты арқалы раўажланыў ушын хызмет ететуғын идеялар басламашысы, новатор сыпатында сәўлеленди.

Әсиресе, Орайлық Азияның ажыралмас бөлеги есапланған Аўғанстан мәселесинде Президентимиздиң билдирген усынысы жүдә үлкен халықаралық әҳмийетке ийе, әлбетте. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми жанында Аўғанстан халқының дәртин ҳәм тәшўишлерин тыңлайтуғын, турақлы жумыс алып баратуғын комитет шөлкемлестирилиўи Аўғанстанның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына жәрдем береди.

Сондай-ақ, өз баянатында бүгин пүткил адамзат басына түскен, ҳәммени бирдей қәўетерге салып атырған коронавирус пандемиясы, оған қарсы биргеликте гүресиў ҳәм кеселлик тарқалыўының унамсыз ақыбетлерин жеңип өтиў мәселелерине де айрықша итибар қаратқанлығы қуўанышлы жағдай болды.

Бул апат бириншилерден болып шешилиўи керек болған машқалалардың бирине айланды. Жас, миллет ҳәм мәмлекет таңламайтуғын вирус жүдә тез пәтлер менен тарқалып үлгерди. Усы жерде мәмлекетимизде ҳүрметли Президентимиздиң көрсетпеси менен өз ўақтында қолланылған илажлар кеселлик ақыбетинде пайда болған қәўипти азайтыў имканиятын пайда еткенлигин айрықша атап өтиў орынлы.

Пандемия себепли глобал машқалалар артқаны, атап айтқанда «Барған сайын тәшўишли көриниске ийе болып атырған кәмбағаллық  пүткил дүнья жәмийетшилигин, бәршемизди тынышсызландырыўы зәрүр» деген сөзлери арқалы ҳүрметли Президентимиздиң халықшыл ҳәм адамгершиликли екенлигин пүткил дүнья жүзи халқы және бир мәрте сезинди.

Мәмлекетимиз басшысының баянатынан келип шығып итибар қаратыў орынлы болған және бир мәселе бар. Бәршемизге белгили, ҳүрметли Президентимиз усы жылдың басында 2021-2023-жылларда БМШтың «Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси»не ағза болыў кереклигине тоқтап өтти. Кейинги жылларда елимизде бул тараўда үлкен өзгерислер көзге тасланып атырғанлығын тән алыўымыз керек. Диний ҳәм сиясий себеплер менен жазасын өтеп атырғанлар санының кескин қысқарыўы, сөз еркинлигиниң тәмийинленип атырғанлығы ҳәм еркин сайлаўлар жолындағы реформалар буған айқын мысал бола алады.

Баянатта алға қойылған халықаралық басламаларды дыққат пенен тыңлар екенмен, олар кейинги төрт жылда әтирапымызда, бизлердиң көз алдымызда жүз бергенлигин аңлап жеттим. Мақтаныш сезимлери пайда болды. Себеби, Өзбекстандағы басламаларды енди дүнья жәмийетшилиги жаңалық сыпатында қабыл ете баслады. Өз нәтийжесин берип, халықты разы етиў арқалы экономикалық өсиўди тәмийинлеген реформалар бәршени қызықтырыўы тәбийғый жағдай. Бул болса, Өзбекстандағы демократиялық өзгерислер артқа қайтпайтуғынлығынан дәрек береди.

Улыўма алғанда, мәмлекетимиз басшысы пүткил дүнья жәмийетшилигине қарата адамзаттың абадан турмыста жасаўы ҳәмме ўақытта дыққат орайымызда болыўы кереклин билдирди.

 

Сағындық Турманов,

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, мәҳәлле ҳәм шаңарақты
қоллап-қуўатлаў министри.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги