Нықап таққан ҳалда түрли дем алыў жоллары инфекцияларын жуқтырып алыў итималы 1,8 есеге азаяды.

Бул ҳаққында  Rospotrebnadzor  баспасөз хызметине тийкарланып  «TASS»  хабар бермекте.

Rospotrebnadzor орайлық эпидемиологиялық илимий-изертлеў институтының мағлыўматларына бола, жеке қорғаныў қуралларынан пайдаланғанлар арасында түрли өткир респиратор вируслы кеселликлерди қозғаўшыларды жуқтырғанлардың көрсеткиши төмен дәрежени көрсеткен.

Солай етип, медициналық нықап тағыў инфекцияны жуқтырыў итималын 1,8 есеге, қолғаплардан пайдаланыў болса 1,3 есеге азайтады, деген жуўмаққа келинди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги