Қазақстан қатнасыўшы-мәмлекетлер өз юрисдикциялары шеңберинде өлим жазасын бийкар етиўди нәзерде тутатуғын протоколға қосылды.

Қазақстан Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, БМШ бас резиденциясы жанында Қазақстанның БМШтағы турақлы ўәкили Ғайрат Умаров Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пакттиң өлим жазасын бийкар етиўге қаратылған екинши факультатив протоколына қол қойды.

Ҳүжжет өлим жазасын бийкар етиў ҳәм урыс ўақтында әскерий жынаятлар ушын оны қолланыўды қадаған етеди.

Қазақстанда 2003-жылы өлим жазасына мораторий енгизилген. Мәмлекетте терроризм ҳәм әскерий жынаятлар ушын өлим жазасы сақлап қалынған.

Ҳуқық қорғаўшылар ҳүкиметке бир неше мәрте мүрәжат етип өлим жазасын толық бийкар етиўге шақырған еди.

2019-жылдың декабрь айында Президент Қасым-Жомарт Тоқаев сыртқы ислер министрлигине усы факультатив протоколға қосылыў процесслерин баслаў бойынша тапсырма берген еди.

 

 ӨзА