Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 6-апрельдеги 185-санлы Қарары менен тастыйықланған, «Дәри-дәрмақларды ҳәм медициналық буйымларды усақлап сатып реализациялаў тәртиби ҳаққында»ғы режесине бола:

Дәриханалар санитария ҳәм гигиена буйымларын, шыпалы азықландырыў өнимлери менен суўларды, сондай-ақ емлеў-косметика өнимлерин, биологиялық актив қосымшаларды реализациялаўды олардың қолланылыўы ҳәм реализацияланыўы ушын тийисли ҳүжжетлер болған жағдайда әмелге асырыўы мүмкин, деп хабар береди xs.uz.

Мағлыўмат ушын, вирус блокаторы – гигиена буйымы есапланып, ондағы хлор диоксиди адамлар әтирапындағы ҳаўаны зыянсызландырып, бактерия, вирус ҳәм қара бас (грибок) кеселлигинен тазалайды. Бирақ, коронавирустан қорғаўы  илимий жақтан тастыйықланбаған.

Еслетип өтемиз, «Реклама ҳаққында»ғы Нызамның 13-бәнтине муўапық, пайдаланыўшыларды алағада ететуғын ямаса алағада етиўи мүмкин болған надурыс (билип турып жалған) реклама қадаған етиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги