Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 24-сентябрь күни аймақларда исбилерменликти раўажландырыў бойынша қосымша илажларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменлик – экономиканың өсиў имканиятларынан бири, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң үлкен дәреги. Сонлықтан мәмлекетимизде бул тараўды раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта. Президенттиң пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилип, барлық зәрүр шараятлар жаратып берилди. Енди ҳәкимлер ҳәм сектор басшылары жумысты дурыс шөлкемлестирип, жаңа кәрханалардың ашылыўы, олардың үзликсиз ислеўи, өнимлериниң көлеми, жаратылған жумыс орынлары бойынша нәтийжеге ерисиўи  керек.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 1-майдағы қарарына тийкарланып, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўда рейтинг баҳалаў  системасы енгизилген. Усыған муўапық, биринши мәрте район ҳәм қалалардағы экономикалық көрсеткишлер, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў орталығы, инфраструктура ҳәм бар ресурслардан пайдаланыў дәрежеси үйренилди. Таллаўлар тийкарында олардағы исбилерменликтиң раўажланыў жағдайы «жақсы», «орта» ҳәм «қанаатландырарсыз» аймақларға ажыратылды. Атап айтқанда, 48 район ҳәм қаладағы жағдай «жақсы», 119ында «орта» және 33 инде «қанаатландырарсыз» деп табылған.

Видеоселектор мәжилисинде усы таллаўлар тийкарында орынлардағы машқалаларды шешиў, көрсеткишлери төмен болған аймақларға жәрдем бериў илажлары додаланды.

Экономикалық комплекске киретуғын министрликлер ҳәм мәкемелер «исбилерменге хызмет ететуғын» шөлкемге айланыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. «Қанаатландырарсыз» деп баҳаланған район ҳәм қалалардың потенциалын жүзеге шығарыў, «жақсы» аймақлардың тәжирийбесин оптималластырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мысал ушын, Самарқанд районында аймақлық санаат өнимлериниң көлеми 1,1 триллион сумды қурап, халықтың жан басына 4,5 миллион сумнан туўра келген. Бул Самарқанд ўәлаятындағы ең жоқары көрсеткиш болып есапланады. Сондай-ақ, 508 исбилерменлик  субъекти шөлкемлестирилип, жаңа жумыс орынларының 71 проценти киши бизнесте ашылған. Жергиликли бюджеттиң түсимлери соңғы үш жылда 2 есеге артқан.

Сондай-ақ, Қамаши районында соңғы үш жылда 802 жаңа исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилип, ислемей атырған 132 кәрхана қайта тикленген. Экспорт көлеми өткен жылғыға салыстырғанда 1,5 есеге артқан.

Нөкис, Тақыятас, Шоманай, Балықшы, Жалақудық, Марҳамат, Жондор, Шофиркон Бахмал, Мырзашөл, Нишан, Касби, Кенимех, Тамды, Мыңбулақ, Янгиқўрғон, Қўшрабат, Пайарик, Пахташы, Сардоба, Ховос, Музрабат, Қумқўрғон, Аҳангаран, Бекабад, Бўка, Қўштепа, Фурқат, Ёзёвон, Ханқа, Шабат, Учтепа, Юнусабад районларындағы жағдай қанаатландырарсыз. Негизинде оларда да жетерли потенциал ҳәм инфраструктура бар.

Мәселен, Қумқўрғон районы исбилерменлик көрсеткишлери бойынша Сурхандәрья ўәлаятында ең соңғы орынлардың биринде. Бирақ, ол жерде 124 мың гектар жайлаў ҳәм 48 мың гектар пайдаланыўдан шыққан жер бар. Олардан нәтийжели пайдаланыў бойынша жойбарлар ислеп шығылмаған.

Бекабад районында да киши бизнестиң үлеси республикадағы ең соңғы орынлардың биринде. Районда жылына 36 мың тонна пахта, 100 мың тонна дән жетистирилсе де, қайта исленбейди.

Жуўапкерлерге «қанаатландырарсыз» деп баҳаланған районларда инженерлик коммуникацияларды жақсылап, киши санаат зонасын шөлкемлестирип, жайлаўларда шарўашылық, қаракөлшилик, жылқышылықты раўажландырыў, шегара алды саўда ҳәм хызметлерди кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Жақсы көрсеткишлерге ерискен район ҳәм қаланың ҳәкимлери және олардың орынбасарларының айлық мийнет ҳақысына 30 процент үстеме тәмийинленип, жағдайы қанаатландырарсыз болған аймақлардың басшыларына жәрийма  қолланылатуғыны айтып өтилди.

– Адамларымыздың турмысын жақсылаўға ҳәрекет етпеген басшы бир күн де ислемейди, – деди  Шавкат Мирзиёев.

«Қанаатландырарсыз» және «орта» деп баҳаланған район ҳәм қалаларда кризиске қарсы басқарыў системасы енгизилиўи белгиленди. Яғный, оларға басшылық етиў қәлеўин билдирген ҳәр қандай  талапкер аймақты раўажландырыў  бағдарламасын жергиликли кеңеслерде қорғаўы мүмкин. Халық ўәкиллерин исендире алған потенциаллы адамлар пүткил топары менен районға басшы етип тайынланады.

-Ҳәкимлерди халық сайлаўы керек. Усы күнлерге бәрибир келемиз, – деп атап өтти Президент.

Мәжилисте жаңа кәрханалар  шөлкемлестириў, барларын қоллап-қуўатлаў мәселелери көрип шығылды.

Быйылғы жылдың 8 айында 60 мыңнан аслам жаңа киши бизнес субъектлери жумыс баслады. Олардың ҳәр бири орташа 38 миллион сум салық түсимин тәмийинлеп, кеминде 2 ден жумыс орнын жаратпақта. Бирақ, 31 мыңнан аслам кәрхананың жумысы елеге шекем тикленбеген. Өз бизнесин ашыў ҳәрекетиндеги инсанлар да оғада көп.

Саўда-санаат палатасының басшылары ҳәм Бизнес-омбудсман орынларға шығып, исбилерменлик жумысын баслаўға кесент етип атырған машқалаларды шешиўи, әсиресе, жаслар ҳәм  ҳаял-қызлардың басламаларын әмелге асырыўға жәрдем бериўи керек екенлиги атап өтилди.

«Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың жойбарларын қаржыландырыў, банклер тәрепинен қаржы берилген, бирақ шийки зат, энергия ресурсы ямаса логистика сыяқлы себеплерге бола тоқтап қалған жойбарларды иске қосыў бойынша тапсырмалар берилди.

Коммерциялық банклер исбилерменлердиң бизнестеги нәтийжелерине қарап оларға «жеңилликли хызметлер пакетин» усыныс етиў әҳмийетли екенлиги айтылды.

Бизге белгили, киши бизнес ҳәм жергиликли ресурс салықлары толық аймақлардың жуўапкершилигинде қалдырылмақта. Яғный, аймақлардың бюджет турақлылығы, раўажланыўы исбилерменлик жумысы менен тиккелей байланыслы.

Мәселен, Кенимех районында жергиликли бюджетке салық түсимлери быйылғы жылдың 8 айында өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 141 процентке артқан. Пандемия дәўиринде финанслық қыйыншылыққа дус келген 20 кәрханаға салық дем алысы берилиўи нәтийжесинде 100 жумыс орны сақлап қалынған.

Мәмлекетлик салық комитетине барлық ўәлаятларда жумысты сондай етип шөлкемлестирип, жергиликли бюджетлерди беккемлеў бойынша көрсетпе берилди.

Мәжилисте усы жыл күтилип атырған бюджет жетиспеўшилигин имканият дәрежесинде қысқартыў ушын қосымша түсимлерди тәмийинлеў илажлары додаланды. Аймақлардың салық потенциалын таллап, қосымша дәраматларды анықлаў, бюджет шөлкемлериниң төлемли хызметлерден дәраматларын көбейтиў ҳәм имарат-объектлерден нәтийжели пайдаланыў әҳмйиетли екенлиги атап өтилди.

Соңғы 4 жылда бизнести раўажландырыў ушын жаратылған имканиятлар нәтийжесинде көплеген киши кәрханалардың жумысы кеңейген. Мәмлекетимиз басшысы бундай умтылысларды хошаметлеў, кәрханаларды ирилендириўге баслайтуғын қолайлы орталық жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Усы мақсетте, исбилерменлик субъектлерине берилип атырған жеңилликлерди дифференциялаў керек. Орта бизнес категориясына кириўи мүмкин болған кәрхананы анықлап, Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорынан мақсетли қаржылар ажыратыў, өнимди сертификатлаў, илим ҳәм инновация қәрежетлерин жедел қаплап бериў сыяқлы илажлар арқалы оларға жәрдем бериў әҳмийетли екенлиги айтылды.

Видеоселектор мәжилисинде сөзге шыққан ҳәкимлер исбилерменликти раўажландырыў, қосымша резервлерди иске қосыўға байланыслы режелерин айтып өтти.

 

ӨзА