Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  биринши ҳәм жоқары категориялар бойынша педагог кадрларды аттестациядан өткериў бойынша кәсиплик (тест) сынақлары болып өтпекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-майдағы «Мектепке шекемги, улыўма орта. Орта арнаўлы. Кәсип өнер ҳәм мектептен тысқары мәмлекетлик билимлендириў мәкемелериниң педогог кадрларын аттестациядан өткериў тәртиби ҳаққындағы Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық тастыйықланған Реже менен педагог кадрларды аттестациядан өткериў тәртиби тастыйықланды. Оны өткериўден тийкарғы мақсет, оқыў пәни бойынша кәсиплик, сабақ өтиў шеберлиги, мийнет нәтийжелилигин ҳәм социаллық-сиясий билимлерин арттырған педагог-кадрларды хошаметлеў, мийнет ҳақы муғдарын арттырыў имканиятын жаратыў, шет тиллерин үйрениўди қоллап-қуўатлаў, компьютер техникасы ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыў бойынша әмелей көнликпелерине ийе болыў мәжбүрийлигин тәмийинлеўден ибарат.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде педагог кадрларды аттестациядан өткериў кәсиплик (тест) сынақлары жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген. Атап айтқанда, қатнасыўшылар аралықты сақлаған ҳалда температурасы өлшенип, шахсы тастыйықланғаннан соң сынаққа киргизиледи.

-Жоқарыда атап өтилген қарарға муўапық аттестациядан өтиўшилерге бир қатар имканиятлар жаратылған,-дейди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық  басқармасының бас қәнигеси Фархад Бабаназаров.-Бурынлары аттестациядан өтиўшилер үш басқыштан, яғный, оқыў пәни бойынша тест сынағы, сабақ өтиў шеберлиги,  жумыс нәтийжелилигин үйрениў ҳәм сәўбетлесиўден өтетуғын еди. Жаңа Реже бойынша сәўбетлесиў алып тасланды. Екиншиден, аттестациядан өткенлер кейингисин бес жыл күтетуғын еди. Енди нәўбеттен тысқары кәсиплик категория алыў имканиятына ийе.

Кәсиплик (тест) сынақларында мектепке шекемги, улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер (профессионал тәлим) ҳәм министрликлер жанындағы мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринен 3090 педагог кадр қатнаспақта. Соннан биринши күни 406, екинши күни 683, үшинши күни 438 педагог қатнасқан болса, бүгин 400 ден зыяты өз билимлерин сынақтан өткермекте.

-Тест сынақлары әдил ҳәм ашық-айдын тәризде өтпекте,-дейди Беруний районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 38-санлы улыўма билим бериў мектебиниң технология пәни муғаллими Нилуфар Искандерова.-Бизге қолайлы тәрепи сонда, тест сынақларының жуўмағы сол ўақыттың өзинде мәлим болады. Жаңа режеге муўапық, биз гезектеги аттестацияны күтип отырмай гезексиз қатнасыў ҳуқықына ийемиз. Бул өз гезегинде өзимиздиң үстимизде көбирек изленип, билим және көнликпемизди арттырып барыўымызды талап етеди.

Педагог кадрларды аттестациядан өткериў бойынша кәсиплик (тест) сынақлары усы жылдың 26-сентябрь шемби күнине шекем даўам етеди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери