Усы жылдың 14-24-сентябрь күнлери аралығында «Дыққат балалар» илажы өткерилмекте.

Илаж Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасы  баслығының усы жылғы 11-сенябрь күнги көрсетпесине тийкарланып, республика аймағында  балалар менен байланыслы жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў, оларға Жол ҳәрекети қағыйдалары талапларын түсинидирип, қәўипсиз ҳәрекетлениў көнликпелерин үйретиў мақсетинде өткериледи.

Илаж даўамында «Автомото» ҳәўескерлер мектеби ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министирлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери Нөкис қаласындағы 3-санлы ҳәм 5-санлы мектеплерге автокарўан шөлкемлестирип, ата-аналар ҳәм оқыўшыларға  жол ҳәрекети қағыйдалары ҳәм жол белгилери ҳаққында кең түрде түсиник берип өтти.

Бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, жаңа оқыў жылының басланыўы менен балалар қатнасындағы жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў, кесилиспелерде, балалар бақшалары, мектеп, оқыў орынлары әтирапында балалардың қатнаўын қадағалаўды күшейтиў, жол ҳәрекети қатнасыўшыларының қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша барлық мектеплерде түсиник жумыслары  алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги