Мойнақ районында бийпул Wi-Fi  зонасы шөлкемлестирилди.

Wi-Fi зонасы «Future Muynak» мәлимлеме технологиялары ҳәм «Book cafe» орайында қурылған болып,  Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилди.

Енди орайға келген мектеп оқыўшылары интернеттен бийпул пайдаланыў имканиятына ийе болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги