Усы жыл 23-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде пандемия дәўиринде халықтың кем тәмийинленген қатламын социаллық қорғаў, оларға бийғәрез қайырқомлық жәрдемин көрсетиў және бул бағдарда пидайылығы менен көпшиликке айрықша өрнек болған бир қатар тараў ўәкиллерине «Меҳир-саховат» көкирек белгисин тапсырыў мәресими болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов шығып сөйлеп, жыйналғанларды сынаўлы күнлерде бундай ийгиликли ислерге белсене қатнасқаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Атап өтилгениндей, дүнья көлеминде кең тарқалып, глобал машқалаға айланған коронавирус пандемиясы дәўиринде оған қарсы гүресиўде ҳәм  ақыбетин сапластырыўда ерлик ҳәм мәртлик үлгисин көрсеткен бир топар ўатанласларымызды сыйлықлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 26-майдағы «Меҳир-саховат» көкирек белгисин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Елимиздиң басына түскен бундай сынаўлы күнлерде  мүриўбет, сақаўат ҳәм сақыйлық сыяқлы халқымызға тән болған кеңпейиллик пазыйлетлерин көрсеткен республикамыз пуқаралары усы көкирек белгисине миясар деп табылды.

Илажда бир қатар кәсип пидайыларына усы көкирек белгиси салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Сыйлықланғанлар атынан республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасының бас шыпакери Байрам Жуманиязов, усы емлеўхананың диагностика бөлиминиң меңгериўшиси Гүлсара Жуманова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, пандемия дәўиринде халықтың денсаўлығын сақлаў ҳәм оларды социаллық қорғаўдағы мийнетлерин ылайықлы баҳалағаны ушын Президентимизге шексиз минетдаршылық билдирди.-Пандемия шараятында денсаўлықты сақлаў хызметкерлери ўақыт пенен санаспастан кеселликке шалынғанларды анықлаў ҳәм оны ўақтында емлеўде пидәкерлик мийнеттиң үлгисин көрсетти,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы  вирусология лабораториясының лаборанты  Гүлхатиша Орынбаева.-Бул бағдарда Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы  жәмәәтин де айрықша атап өткен болар едим. Бизиң бул мийнетимизди баҳалап, көкирек белгисине мүнәсип деп тапғанынан миннетдарман. Бул итибар елимизде енгизилген карантин қағыйдаларын кеңнен үгит-нәсиятлаўда, халқымыздың денсаўлығын сақлаўда ҳәр биримизге айрықша жуўапкершилик жүклейди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери