«Жасырын экономика»ның тийкарғы факторларының бири – товарлардың бажыхана шегаралары арқалы нызамсыз алып өтилиўи, алмастырылыўы және бажыхана аймағында ҳәрекетлениўи болып есапланады. Сонлықтан да, бажыхана уйымлары тәрепинен республикамызда «жасырын экономика»ның үлесин азайтыў ҳәм товарлардың нызамсыз ҳәрекетлениўиниң алдын алыў мақсетинде бир қатар илажлар өткерилмекте.

Усындай илажлардың бири бажыхана басқармасына қараслы «Даўыт ата» шегара бажыхана постында өткерилди. Қоңсы мәмлекеттен кирип келген пуқара Ф.З.ның басқарыўындағы «DAF» маркалы жүк автотранспорты посттағы хызметкерлер тәрепинен белгиленген тәртипте бажыхана қадағалаўынан өткерилгенинде, кабинасының артқы тәрепине қупыя түрде жасырылған 120 миллион сумлық 4 дана автотранспорт қуралларын жуўыўға арналған суў бүркегиш үскенелери бар екенлиги анықланды.

Сондай-ақ, басқарманың контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими хызметкерлери тәрепинен «Қоңырат» сыртқы экономикалық жумыс бажыхана посты хызметкерлери менен усы аймақта жумыс ислеп турған ЖШЖлардың бириниң атына рәсмийлетирилген «насос қурылмасы» товарының ҳүжжетлери тексерилгенинде, усыныс етилген кодлар гүман туўдырып, басқарманың СЭЖды тарифсиз тәртипке салыўды қадағалаў ҳәм бажыхана экспертизасы топары тәрепинен экспертиза тайынланды.

Экспертиза нәтийжесине бола, ҳүжжетлерде усы товардың коды басқа товар кодына алмастырылып усыныс етилгени анықланды ҳәм бул товарға 334 миллион сум муғдарында қосымша бажыхана төлеми есапланды.

Ҳәзирги ўақытта анықланған фактлер бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги