Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Қарақалпақстан аўыл хожалығы өндирис кооперациясы» Хожели пахта тазалаў заводы жанындағы пахта қабыллаў орынларындағы лабораторияларда фермер хожалықлары тәрепинен тапсырылып атырған пахта шийки затын қабыл етиўде, муғдары ҳәм сапасын анықлаўда пайда болыўы мүмкин болған машқалаларға бағышланып оқыў-семинар өткерилди.

Семинарда атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта, жетистирилген пахта шийки затын сапалы түрде жыйнап-терип алыў ҳәм пахта қабыллаў орынларына тапсырыў жумыслары қызғын түске енди.

2020-жылдың өниминен баслап жетистирилген пахта толық түрде пахта тоқымашылық кластерлери ҳәм фермер хожалықларының ықтыярлы кооперациялары қурамындағы пахта тазалаў кәрханаларында қайта исленеди.

Тоқымашылық санаатының әҳмийетли шийки заты болып есапланатуғын пахтаны қабыл етиў пайытында сортын, патаслығын, ығаллылығын ҳәм муғдарын дурыс анықлаў фермер хожалығы тәрепинен тапсырылып атырған пахтаның сатыў баҳасын дурыс белгилеў, пахтаның кондициялық өлшеми бойынша әдалатлы үстеме ҳәм шегирмелер қолланыўда әҳмийетли орын тутады.

Хабарыңыз бар быйыл республикамызда 86 мың 291 гектар майданға пахта егилип, 196 мың тонна сапалы пахта шийки затын жыйнап алыў режелестирилмекте.

Ҳәзирги ўақытта 5 тоқымашылық кластери, 2 «Қарақалпақстан аўыл хожалығы өндирис кооперациясы»на қараслы пахта тазалаў кәрханасы тәрепинен пахта өнимин қабыл етип алыў ушын 39 пахта қабыллаў орынлары мәўсимге таярланды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 8-сентябрьдеги 545-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде пахта қабыллаў орынларындағы лабораторияларда пахта шийки затын қабыл етиўде таза (физикалық) салмақ пенен кондициялық салмақ арасындағы өзгешеликлердиң исенимлилиги ҳәм шегирмелердиң қолланылыўы бойынша системалы қадағалаў орнатыў ҳәм тәреплер арасында жүзеге келетуғын келиспеўшиликлерди шешиў мақсетинде аймақларда тәжирийбели қәнигелерден ибарат «Арбитраж» топарлар шөлкемлестирилди.

Семинарда қатнасыўшыларға лабораторяларда пахта шийки затын сынаў процесинде жол қойылатуғын қәте-кемшиликлер себепли келип шығыўы мүмкин болған келиспеўшиликлер бойынша түсиниклер берилди ҳәм пикир-усыныслар билдирилди. Қатнасыўшыларға арнаўлы қолланбалар тарқатылды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги