Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Гулнара Маруфова мәҳәлле системасында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде республикамызға келип, дәслеп Қарақалпақстан Республикасы «Социаллық реабилитация орайы»ның жумыслары менен танысты.

Соң Нөкис қаласындағы бир қатар мәҳәллелерде де болып, бул жерлердеги социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға берилип атырған жәрдемлер, мәҳәлле баслықлары ҳәм орынбасарларының жумыслары менен жақыннан танысты. Бул жерлердеги унамлы жумысларды атап өтип, жол қойылған қәте-кемшиликлер бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Атап айтқанда, аймақтағы «Байтерек» ҳәм «Нәўпир» МПЖ баслықлары ҳәм орынбасарлары менен сәўбетлесип, министрликтиң жумысларын дурыс жолға қойыўда алда турған ўазыйпалар туўралы түсиник берди. Сондай-ақ, имаратлардың жағдайын, материаллық-техникалық базасын, шараятларын үйренди. Пуқаралар жыйынында шөлкемлестирилген «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша усынысларын билдирди. Қыйын социаллық шараятта жасап атырған ҳаял-қызлар ҳәм олардың шаңарақлары, турмыслық шараяты, турмысында ушырасып атырған машқалалар үйренилди.

«Нәўпир» МПЖда жасап атырған Фарида Базарбаеваның шаңарағында болып, оның еле жас болыўына қарамастан алып барып атырған исбилерменлик жумысларын айрықша мақтаныш пенен атап өтти. Себеби, ол 13 жасынан берли өнерментшилик пенен шуғылланып баслаған. 19 жасында «Өнерментлер бирлеспеси»не ағза болған. Ҳәзирги ўақытта ол үй шараятында 30 ҳаял-қызға өнерментшилик сырларын үйретип атыр. Қуўанышлысы, олардың бесеўи «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлар болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Г.Маруфованың сапары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги