Коронавирус инфекциясынан сақланыў ушын турақлы түрде мурынды дузлы еритпе менен шайып турыў мүмкин бе? Бул усыл вирустан қорғаныўға жәрдем бере ме?

Бул сораўға коронавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы Барно Абдусаматова төмендегише жуўап берди:

– Яқ. Усы күнге шекем мурынды дузлы еритпе ямаса шор суў менен турақлы жуўып турыў коронавирус инфекциясынан қорғаўға жәрдем бериўи бойынша илимий дәлиллер жоқ. Айырым мағлыўматларға бола, мурынды шор суў менен турақлы шайып турыў әпиўайы аязлаўда дүзелиў процесин тезлетиўи мүмкин. Бирақ, мурынды турақлы усы тәризде жуўып турыў дем алыў жоллары инфекциясының алдын алыўда нәтийжели екенлиги дәлилленбеген.

 

ӨзА