Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 22-сентябрь күни тармақ ҳәм аймақларда санлы экономика және электрон ҳүкиметти енгизиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

 Пүткил дүньяда санлы технологиялар барлық тараўлар ҳәм адамлардың турмысына жедел кирип бармақта. Бул бағдарға өз ўақтында кирискен мәмлекетлер раўажланып, керисинше, ескише ислегенлер раўажланыўдан артта қалып атыр.

2020-жыл елимизде «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп жәрияланып, бул бойынша үлкен жумыслар басланды. Атап айтқанда, 28-апрельде мәмлекетимиз басшысының «Санлы экономика ҳәм электрон ҳүкиметти кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Видеоселектор мәжилисинде бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар, быйылғы жылдың ақырына ҳәм 2021-жылдың биринши шерегине мөлшерленген жойбарлар додаланды.

– Тармақ ҳәм аймақ басшылары санластырыўсыз нәтийже, раўажланыў болмайтуғынын түсинип жетиўи шәрт. Барлық дәрежедеги басшылар буны өзине күнделикли ўазыйпа сыпатында белгилеп, санластырыў тараўын әлипбесинен баслап терең үйрениўи керек, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Усы жылдың жуўмағы бойынша ҳәр бир тармақ ҳәм аймақ басшысы санлы экономика тараўында кескин өзгерис етиў зәрүрлиги атап өтилди. Президент бул жаңаланыўларды адамлар өз турымысында, бюрократия ҳәм коррупция азайғаны мысалында, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тезлескенинде сезиўи керек екенлигин атап өтти.

Район ҳәм қала ҳәкимлери бир айда 2-3 күн тек ғана санластырыў менен жеке өзи шуғылланатуғыны белгиленди. Олардың жумысына аймақта санластырыў қай дәрежеде жолға қойылғанына қарап баҳа бериледи. Бул тараўда жақсы нәтийже көрсеткен басшыларға 30 процентке шекем үстеме енгизиледи.

Мәмлекетимиз басшысы бәрқулла бәринен бурын, халық ең көп жыйналып атырған тараўларды санластырыў, адамлардың аўырын жеңил етиў зәрүрлигин атап өтеди. Сол талаптан келип шығып, жумысшы топарлар тәрепинен 530 аймақлық ҳәм 280 тармақ жойбары таярланған.

Атап айтқанда, быйылғы жылдың ақырына шекем 14 ҳәм келеси жылдың биринши шерегинде және 14 районда адамлар ең көп мүрәжат ететуғын денсаўлықты сақлаў, кадастр, социаллық қорғаў, аўыл хожалығы, билимлендириў бағдарларын санластырыў бойынша 239 жойбар әмелге асырылады.

Мәселен, «Электрон поликлиника» системасын енгизиў арқалы қағаз ҳүжжетлери 40 процентке, гезек күтиў 60 процентке қысқарады. Оның ушын орайлық емлеўхана ҳәм поликлиникаларды толық санластырыў зәрүр.

Бүгинги күнде Ташкент қаласында электрон медицина картасы, электрон емлеўхана және қыстаўлы медициналық жәрдем системалары енгизилмекте. Бул бағдарламалар келеси жылы Әндижан, Наманган, Ферғана, Жиззақ, Сырдәрья, Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларында жолға қойылатуғыны айтылды. Сондай-ақ, «электрон күнделик», «электрон сабақлық», «оқытыўшыларды баҳалаў» системаларын барлық аймақларда енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәлимлеме технлогиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине усы жылға белгиленген 14 районда жәмийетлик мәкемелерди толық санластырып, қалған аймақлар ушын үлги етиў бойынша көрсетпе берилди.

Санластырыў экономика тармақларында үнемлеўди ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлейди. Мәселен, Тайлақ ҳәм Ақдәрья районларындағы шағыл тас (шебень) қазып алыў карьеринде машиналардың жүк көлемин қадағалаў системасының жолға қойылғаны нәтийжесинде айлық түсим  3 миллиард сумнан 8 миллиард сумға артқан.

Мәмлекетлик салық комитетине руда емес карьерлерден пайдаланыўда «жасырын экономика»ны сапластырыў, оның ушын жер асты қазылыўын, жүк көлеми ҳәм машина ҳәрекетин қадағалаўшы электрон системаларды иске қосыў ўазыйпасы жүкленди.

Мәжилисте санаат тармақларында әмелге асырылатуғын жойбарларға айрықша итибар қаратылды.

– Санлы экономикасыз елимиз экономикасының келешеги жоқ, – деп атап өтти Президент.

Келеси үш жылда нефть, газ ҳәм энергетика тараўында 18, металлургия бойынша 12, автосанаат системасында 9, химия санаатында 8, таў-кән геология тармағында 4 санластырыў жойбары режелестирилген.

Мысал ушын, Мубәрек ҳәм Шортан нефть-газ кәрханаларында автоматласқан диспетчерлик хызметиниң енгизилгени ушын жылына 50 миллион куб метр газ ҳәм 650 мың киловатт-саат электр энергиясын үнемлеўге тийкар жаратылды. Асакадағы автомобиль заводында логистика, сатып алыўлар, шийки зат ҳәм комплектлеўши бөлеклер ҳәрекетин санластырыў арқалы 41 миллион доллар үнемлеў мүмкин. Алмалық кән-металлургия комбинатындағы «Ёшлик-1» ҳәм «Қолмоққир» кәнлеринде транспорт комеплекси автоматласқан басқарыў системасын енгизиў де сондай нәтийжели жойбарлардан бири. Бул арқалы жылына 28 миллиард сум қаржы үнемленеди.

Президент барлық жойбарларға жуўапкерлерди белгилеп, оларды мүддетинде, сапалы орынлаў, халықаралық финанс шөлкемлерин қаржыларын жумсаў бойынша көрсетпелер берди.

Бас министр ҳәм оның орынбасарларына он күн мүддетте өзлери жуўапкер болған тараў ҳәм тармақларды санластырыў бойынша ағымдағы ҳәм келеси жыл ушын режелер ислеп шығыў жүкленди.

Санлы экономиканы енгизиў ҳәм үнемли ислетиў, әлбетте, қәнигелерге байланыслы. Сонлықтан кадрлар таярлаўға ҳәр тәреплеме әҳмийет берилмекте. Өткен жылы Ташкент қаласында Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары парки қурылған еди. Әндижан ҳәм Марғулан қалаларында оның филиаллары ашылды. Пайтахтымызда Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектеби аймағында және бир филиалының имараты қурылмақта. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда мәлимлеме технологияларын терең оқытыўға қәнигелестирилген 205 мектеп шөлкемлестирилетуғыны режелестирилген.

Халық билимлендириў министрлиги және Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине усы  жылы 14, келеси жылы 82 қәнигелестирилген мектепти шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Ташкент мәлимлеме технологиялары университети ҳәм IT – парклерде мәлимлеме технологиялары оқытыўшыларын таярлаў және оларды сертификатлаўдың миллий системасын енгизиў зәрүрлиги атап өтилди. маманлық сертификатын алған оқытыўшыларға ҳәр айда қосымша 50 процент үстеме төленеди. Сондай-ақ, оқыўшысы «Бир миллион программист» курсын табыслы жуўмақлаған мектеп оқытыўшыларын сыйлықлаў жолға қойылады.

– Бүгин көрип шығылып атырған мәселе раўажланыў ҳәм халқымыз турмысын жақсылаў бағдарындағы жумысларымыздың ең үлкен тийкары, – деди Президент. – буны барлық аймақ ҳәм тармақ басшылары түсинип, дүньяға көзқарасын өзгертип, айтылған ўазыйпалардың орынланыўына қатаң кирисиўи керек.

Бас министрге додаланған илажлардың орынланыўын тараўлар ҳәм аймақлар кесиминде қадағалаў тапсырылды.

Видеоселектор мәжилисинде ҳәкимлер санластырыў жойбарларынан халқымызға қандай жеңилликлер болыўы бойынша мәлимлеме берди.

 

ӨзА