«2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң турақлылығын тәмийинлеў ҳәм қәрежетлерин оптималластырыў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди (575-санлы, 21.09.2020-ж). Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар бермекте.

Қарарға муўапық, бюджет шөлкемлеринде ислейтуғын хызметкерлерге материаллық хошаметлеў арнаўлы қоры, жоқары билимлендириў мәкемелериниң материаллық хошаметлеў қоры ҳәм директор қоры қаржылары есабынан төлемлер есапланыўының тоқтатып турылыўы  2020-жыл 1-октябрьден 2021-жыл 1-январьға шекем созылды (медицина, медициналық-социаллық мәкемелери, меҳрийбанлық үйлеринен және мийнетке ҳақы төлеўдиң 1-3-разрядлары қоланылатуғын хызметкерлерден тысқары).

Сондай-ақ, Кризиске қарсы гүресиў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылыўы режелестирилген 224 млрд 288 млн сум қәрежетлер оптималластырылды.

Қарарға бола:

  • Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң тастыйықланған дәраматлар болжаўының орынланбаўы есабынан қәрежетлердиң оптималластырылған бөлеги-республика бюджетине;
  • усы қарарға муўапық оптималластырылған қаржылар-Кризиске қарсы гүресиў қорына өткериледи.

Қарар менен республика ҳәм жергиликли бюджетлерден оптималластырылатуғын қәрежетлер тастыйықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги