Арқа-батыс әскерий округи Нөкис гарнизонының Руўхый- ағартыўшылық орайында «Qr-book»  системасында ислеўши электрон китап стенди орнатылды.

Бундағы тийкарғы мақсет – заманагөй усыл менен жаслардың китапқа болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм инетрнет имканиятларынан утымлы пайдаланыўдан ибарат.

Арқа-батыс әскерий округи баспасөз хызметиниң мағлыўмат бериўинше, электрон китап стендинде өзбек, қарақалпақ ҳәм дүнья  халықларының әдебиятлары, сайланды шығармалары орын алған болып, оннан бүгинги күнде әскерлер, олардың шаңарақ ағзалары қызығыўшылық пенен пайдаланбақта.

-Мобиль қурылма арқалы «QR-kod» кодын жүклеп алып, «Qr-book» электрон китап стенди арқалы шайыр Зульфия апамыздың қосықларын жүклеп алдым, – дейди майор Қабылжан Абдуқаҳҳоровтың өмирлик жолдасы Қундызай Каримова. Бундай қолайлықлар ўақтымызды үнемлеп, излеген китапты таўып оқыўымызға имканият жаратты.

Шөлкемлестириўшилер тәрепинен электрон китап стендлерин келешекте ең дүрдана шығармалар менен толықтырылып барыў режелестирилген.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы