Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Спикериниң орынбасары, O’zLiDeP фракциясының басшысы Актам Хаитов Беруний районының белсенди жаслары менен ушырасты.

Илажда район басшылары, «Жаслар парламенти»ниң ағзалары, партияның «Жаслар қанаты»ның белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, елимизде соңғы жыллары исбилерменликти раўажландырыў, олар ушын қолайлы шараят жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.  Соның ишинде, ертеңги күнниң қурыўшылары болған  жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетин жүзеге шығарыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Ушырасыўда ғәрезсизлик шарапаты менен елимизде соңғы үш жыллары әмелге асырылған өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар, «Жаслар парламенти»не ағза болған жаслардың келешектеги режелери, жаслар турмысына байланыслы мәселелер бойынша пикир алысыўлар болды. Спикердиң орынбасары Президентимиздиң басшылығында жаслардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, демократиялық мәмлекет қурыў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, сиясий процесслерде олардың белсендилигин арттырыў бойынша алып барылып атырған илажларға тоқтап өтти. «Жаслар парламенти»ниң шөлкемлестирилиўи олардың турмысындағы әҳмийетли ўақыялардан бири болды. Пикир алысыўлар барысында жаслар өзлериниң усынысларын билдирди.

Атап айтқанда, «Жаслар парламенти»ниң ағзалары Бахтияр Алипов ҳәм Умирбек Жаббаровлар елимизде жасларға қаратылып атырған итибар, жаратылған имканият ҳәм шараятлар жоқары дәрежеде екенлигин атап өтти. Парламентке ағза болыў жасларды өз үстинде көбирек излениўге, билим және көнликпелерин арттырып барыўға жетелейди. Жаслар өзлерине билдирилген бул исенимди пидайылығы менен ақлайтуғынын билдирди.

Белсенди жаслардан бири Сабира Султанова  жаслардың өзин-өзи бәнт етиўинде пуқаралар жыйынларының ролин аттырыўды усыныс етти. Оның бул усынысы есапқа алынып, тийисли шөлкем басшыларына тапсырма берилди.

Ушырасыўда белсенди жаслар өзлерин қызықтырған бир қатар сораўларға жуўап алды.

photo_2020-09-20_12-39-25.jpg

photo_2020-09-20_12-39-26.jpg

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы