Хабарыңыз бар, физикалық тәреплерден алынатуғын мүлк ҳәм жер салықларын теңдей үлесте 15-апрель ҳәм 15-октябрь сәнесине шекем бөлип төлеў белгиленген еди.

Президентимиздиң 2020-жыл 19-марттағы «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы  пәрманына муўапық, пуқараларға қолайлық жаратыў мақсетинде физикалық тәреплердиң мүлк ҳәм жер салығын төлеў мүддетти усы жыл ушын бир мүддетке, яғный, 15-октябрь сәнесине шекем создырылған еди.

Өзбекстан Республикасы Салық кодексине муўапық, турақ жай, көшпес мүлк ҳәм жер участкаларына ийе болған пуқаралар мүлк ҳәм жер салықларын төлеўшилер болып есапланады.

– Сондай-ақ, Салық кодексинде салық төлеўге байланыслы бир қатар жеңилликлер де жаратылған,-дейди басқарма қәнигеси М.Мершиева. – Салық кодексиниң 436-статьясына муўапық, физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығынан төмендегилер азат етиледи;

 

  • «Өзбекстан Қаҳарманы», бурынғы аўқам қаҳарманы, Мийнет қаҳарманы атақларын алған, үш дәрежедеги «Шуҳрат» ордени менен сыйлықланған пуқаралар;

 

  • Урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ нызам ҳүжжетлери менен белгиленетуғын оларға теңлестирилген шахслар;

 

  • I ҳәм II топар майыплығы бар шахслар;

 

  • Жалғыз пенсионерлер. Жалғыз ямаса ер жетпеген балалары менен ямаса майыплығы бар баласы менен бирге бөлек үйде жасайтуғын пенсионерлер жалғыз пенсионерлер деп түсиниледи;

 

  • Бағыўшысын жоғалтқан көп балалы шаңарақлар. Ата-анасынан бири ямаса ата-анасы қайтыс болған ҳәм шаңарақта он алты жасқа толмаған бес ҳәм оннан артық балалары болған шаңарақлар салық салыў мақсетинде бағыўшысын жоғалтқан көп балалы шаңарақлар болып есапланады;

 

  • Чернобыль АЭСтағы авария ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқанлығы ушын жеңилликлер алатуғын пуқаралар (сондай-ақ, ўақытша жиберилген ямаса хызмет сапарына жиберилген) пуқаралар;

 

  • Энергия ресурсларының әмелдеги тармақларынан толық үзип қойылған турақ жайларда қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўшы пуқаралар – қайта тикленетуғын энергия дәреклери орнатылған айдан баслап үш жыл мүддетке.

 

Умытпаң, Сиз салықларды өз ўақтында төлеп, перзентлеримиздиң сапалы билим алыўына, ата-аналарымыздың ўақтында пенсия алыўына, миллий армиямызды раўажландырыўға, бийпул медициналық жәрдем көрсетилиўине, солай етип елимиз экономикасының раўажланыўына өз үлесиңизди қосқан боласыз.

 

Еслетип өтемиз, мүддетинде төленбеген жағдайда кешиктирилген ҳәр бир күн ушын пеня есапланып, суд органлары арқалы мәжбүрий өндириўге қаратылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги