Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары

Қарақалпақстан Республикасы “Сайлаў ҳаққында”ғы Нызамының 67-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы

 Қ А Р А Р    Е Т Е Д И:

 Босап қалған орынларға 2020-жыл 20-сентябрьде өткерилген сайлаўлардың  жуўмақлары ҳаққындағы округлик сайлаў комиссияларының протоколларына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайланған төмендеги депутатлар дизимге алынсын:

 Сайлаў округиниң номери ҳәм атамасы

Фамилиясы, исми, әкесиниң исми Туўылған жылы ҳәм жери Депутаттың кандидатурасын көрсеткен сиясий партияның

атамасы

Жумыс орны ҳәм лаўазымы

4-санлы «Ерназар алакөз» сайлаў округи

Айымбетова Гүлхатша Аймановна 1961-жылы, Тахтакөпир районы Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Айқулаш» қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли вокал артисти
 

20-санлы «Сарабий» сайлаў округи

Отемуратов

Байрамбай Пердебаевич

1977-жылы, Қараөзек районы Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры

 

25-санлы «Нәўбәҳәр» сайлаў округи

Реимбаев

Адилбек Рузимухаммадович

1977-жылы, Беруний районы Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығының орынбасары

 

49-санлы «Қоңырат» сайлаў округи

Айтжанов

Пахратдин

Юлдашевич

1967-жылы, Хожели районы Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси

“Қоңырат сода заводы” жуўапкершилиги шекленген жәмийети капитал қурылыс бөлими баслығы

 

63-санлы «Қаракөл» сайлаў округи

 

Камалов

Мурат

Қаллибекович

1955-жылы, Нөкис қаласы Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы директоры

 

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Е.Джуманазаров

2020-жыл,  21-сентябрь