Ҳәр бир инсан баласы өмирдиң өткинши екенлигин туўры аңлап, тәбият инәм еткен өлшеўли деминиң қәдирине жетип, өз елиниң ийгилиги ушын хызмет етсе, әлбетте, ел-халқының әдиўли азаматына айланады.

Терең ойлап қарайтуғын болсақ, сизиң менен биз ел-журтына мүнәсип хызмет еткен инсанларға бул дүньяны тәрк еткеннен соң орнататуғын естеликлеримизди, негизинде сол инсанлардың өзлери тири гезинде-ақ өзи билип-билместен қурып кеткенлигин аңлаймыз.

Аз санлы болса да тарийх жылнамасында өз ана тилине, миллий өзгешелигине ийе миллет сыпатында жасап киятырған қарақалпақ халқының өтмишинде де халық мәпи, әўладлар келешеги ушын өзеклери өртенип сөз айтып, ел намысы ушын майданда ат ойнатқан азаматлар кем болған емес.

Мине, усындай пидәйы ел перзентлериниң бири, өз билими, тәбият қәлбине қуйған адамгершилик пазыйлетлери, өз халқына болған садық муҳаббаты менен аты әпсанаға айланған инсан Аллаяр Қораз улы Досназаров еди.

Өмир жолы өткен әсиримиздиң оғада аласатлы, аласапыран жылларына туўра келсе де өзлигин жоғалпастан, билим ҳәм күш-жигерин, өз халқының өз алдына отаў тигип, туўысқан халықлар менен теңдей, уллы арзыў-нийетлер жолында қәдем таслаўын қәлеген, әдиўли ел азаматының хызметлери тарийх бетлеринде мөрленип қалды.

1896-1937-жыллар аралығында жасап, қысқа өмир көрсе де өзинен өрнекли өмир жолын қалдырыў несип еткен бул инсан, өз келешегин өзи жаратып, өзи туўылып өскен алыс аўылдан, орайға, яғный сол жыллардағы Қарақалпактанның пайтахты Төрткүлге барыўға, илим-билим ийелеўге, жәмийетлик турмыстан терең хабардар болыўға ҳәрекет еткен ҳәм мақсетине ерискен.

1924-жылда Орта Азияда миллий-аймақлық шегаралаў сиясаты басланған ўақытлары, өз халқына басқа туўысқан халықлар қатары миллий автономия алып бериў Аллаяр Досназаровтай ел перзентине несип етти.

Бирақ, ҳәмме ўақытларда да өмир жолы бир тегис болып кете бермейди, оның бәлент-пәсли жоллары инсан баласына жетискенликлер менен қатар қыйыншылықларды да қатар қояды.

А.Досназаровтың ел ийгилиги ушын ислеген хызметлери түрли бурмалаўшылықларға ушырап, сум тәғдир оны узақ үлкелерде халық душпаны сыпатында жан тапсырыўға мәжбүр етти.

Лекин, арадан сонша жыллар дизбеги өтсе де қаҳарманлық ислери умытылмай, исми әўладлар тилинде жаңламақта.

Әлбетте, А.Досназаровтай тарийхый тулғаның халық қәлбинде қайта туўылыўы өз-өзинен болған қубылыс емес.

Бириншиден, халық меҳри, ғәрезсизлик шарапаты болса, екинши тәрептен жазыўшы-шайырлар менен тарийхшыларымыздың мийнети, бабамызға ҳүрмет көрсетиўди азаматлық парызы деп билген көп санлы ўатансүйер азаматлардың қалыс хызметлериниң нәтийжеси.

Бүгин А.Досназаров исми арамызда жаңлап, қәлбимизде жасап атыр, ел басшыларымыз бабамызға ҳүрмет көрсетип, халық ҳүрметиниң символы сыпатында пайтахтымызда бюстин орнатып, исмин және де мәңгилестирмекте.

Жаңа Өзбекстанымызда Ҳүрметли Президентимиз басшылығында халқымыздың қоллап-қуўатлаўы менен әмелге асырылып атырған усындай қалыс ҳәм саўаплы, қайырлы ислер даўамлы болсын!

Бабамыздың руўхы шад болып, бүгинги әўладлардың  ийгиликли уллы мақсетлер жолында таслап атырған қәдемлеринде мәдаткар болсын.

 

Раўаж Отарбаев,

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, шайыр.