Әмелдеги тәртип бойынша оқыў жылы 2-сентябрьден 25-майға шекем даўам етеди. Оқыў жылы 34 ҳәптеден ибарат 4 шерекке бөлинеди, ҳәр бир шерек аралығында дем алыслар белгиленген.

 

Министрлер Кабинетиниң 2017-жылдағы тийисли қарары менен тастыйықланған Уставқа муўапық, дем алыс күнлери төмендегише белгиленген.

 

Гүзги дем алыс – 4-ноябрьден баслап 6 календарьлық күн;

Қысқы дем алыс – 28-декабрьден баслап 14 календарьлық күн;

Бәҳәрги дем алыс – 26-майдан баслап 7 календарьлық күн;

Жазғы дем алыс – 26-майдан 1-сентябрьге шекем даўам етеди.

 

Сондай-ақ, 1-класс оқыўшылары ушын февраль айы даўамында қосымша бир ҳәптелик дем алыс белгиленеди.

 

Ҳәммемизге белгили, пандемия шараятында оқыў жылы мектеплерде 14-сентябрьден басланды.

 

Халық билимлендириў министрлигиниң мәлим етиўинше, ҳәзирше дем алыс күнлерине өзгерис киргизиў жобаластырылмаған, дем алыс күнлериниң өзгериў зәрүрлиги жүзеге келгенде Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында әмелге асырылады ҳәм бул ҳаққында кең жәмийетшиликке хабар бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.