ӨзЛиДеП Нөкис районлық Кеңеси депутатлық топарының гезектеги мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-марттағы «Аймақларда халықты исбилерменликке кеңнен тартыў ҳәм шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының банклер тәрепинен орынланыўы, банклер арқалы ажыратылып атырған кредитлер, халыққа сапалы байланыс хызметин көрсетиў бойынша районлық телекоммуникация тармағында өткен 8 ай даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша жуўапкер басшылардың есабатлары тыңланды.

Атап айтқанда, «Халқ банк»и районлық филиалы тәрепинен усы жылдың 8 айы даўамында аймақларда халықты исбилерменликке кеңнен тартыў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, жаңа бос жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында, жәми 3 млрд. 692 млн. сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер ажыратылған. Соннан, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 85 пуқараға 2 млрд. 976 млн. сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, олардың бәнтлиги тәмийинленген.

Сондай-ақ, филиал тәрепинен турақлы жумыс орынларына ийе пуқаралар ушын, жәми 2 млрд. 321 млн. сумнан аслам коммерциялық кредитлердиң, мәселен, тутыныў, микроқарыз, автокредит, пенсия, овердрафт ҳәм ең соңғы НАНО (онлайн) кредитлериниң берилип атырғанлығы атап өтилди.

Халыққа сапалы байланыс хызметин көрсетиў мақсетинде ҳәзирги күнде район аймағында режеге муўапық басқышпа-басқыш жаңа GPON технологиясы менен телефон ҳәм интернет тармағы кабельлери тартылып халыққа хызмет көрсетип келинбекте. Ҳәзирги күнде интернет тармағынан пайдаланыўшылардың саны 1335 ке жетти.

Мәжилисте берилген мағлыўматлар бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги