Бурын хабар еткенимиздей, халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, адамлардың машқалалары ҳәм усыныслары тийкарында орынларда мәселелерди шешиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары А.Усманов басшылығындағы жумысшы топар усы жылдың 11 ҳәм 18-сентябрь күнлери аралығында  Нөкис қаласында, Тақыятас, Бозатаў, Тахтакөпир, Шымбай, Мойнақ, Қоңырат, Қараөзек, Төрткүл ҳәм Әмиўдәрья районларында көшпели ғалабалық қабыллаў өткерди.

Қабыллаўлар даўамында пуқаралар жәми 3076 мәселе бойынша мүрәжат етип,  соннан  1017 мүрәжат унамлы шешимин тапты, 785 мүрәжатқа түсиник берилди ҳәм 1274 мүрәжат қадағалаўға алынды. Пуқаралар тәрепинен тийкарынан жумыс пенен тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаў, турақ жай ҳәм материаллық жәрдем, ишки ислер уйымларының жумыслары, суд қарарлары, коммуналлық хызмет, денсаўлықты сақлаў, банк хызмети ҳәм басқа да мәселелерде мүрәжатлар келип түсти. Ғалабалық қабыллаў шеңберинде көшпели суд мәжилислери өткерилип, Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 73-статьясына тийкарланып жазаның өтелмеген бөлегинен 30 пуқара шәртли түрде азат етилди. Буннан тысқары, 25 шахсқа қозғатылған ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ис көрилип, ҳуқықбузарлар Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 21-статьясына муўапық ескертилип, жуўапкершилик ҳәм жазадан азат етилди.

Исбилерменлик ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерден келип түскен 11 даўа арза көрилип, соннан исбилерменлик субъектлериниң пайдасына 590,3 миллион сум өндирилди. Шаңарақлық мәселеде еки пуқара жарастырылып, пуқаралық ислери ис жүргизиўден қысқартылды.

Бас прокуратура тәрепинен 2 суд қарарына протест келтирилди, 5 жынаят исин қозғаўдан бас тартыў ҳаққындағы қарар бийкар етилди, 4  жынаят исине көрсетпе берилди. Буннан тысқары, Қараөзек районы «Қуралпа» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы 90 шаңараққа тазаланған ишимлик суўы жеткерип берилди, жәми бес километр жолға қум-тас төселди. Бес пуқараға жәми 238 миллион сумлық кредит алып берилди ҳәм 31 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Ишки ислер министрлиги басшыларына мүрәжат еткен 6 пуқара ишки ислер уйымына жумысқа қабыл етилген болса, 2 пуқара жумысқа қайта тикленди. 11 пуқараға Өзбекстан Республикасының пуқаралық паспорты салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Өзбекстан Республикасының пуқаралығын тән алыў бойынша 17 пуқараға ҳүжжет рәсмийлестирилип, 1 пуқараны мәнзил колониясына өткериў мәселеси шешилди. Буннан тысқары, 1 километр жолға тас төселди ҳәм 1 кем тәмийинленген шаңарақтың турақ жайы оңланып берилди.

-Қабыллаў шеңберинде Өзбекстан Республикасы Ишки ислер ҳәм Халық билимлендириў министрлиги ўәкиллери мектебимизге келип, жағдайлар менен танысты,-дейди Қараөзек районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 8-санлы улыўма билим бериў мектеби директорының орынбасары Дәўран Төрениязов. –Жәмәәтимиз тәрепинен билдирилген усыныслар есапқа алынып. 16 дана компьютер, монитор, веб камера, принтер, мектеп оқыўшыларын соңғы жаңалықлар менен таныстырып баратуғын радиоузел, баслаўыш класс оқыўшылары ушын қол жуўғыш раквиналар саўға етилди.  Буның ушын жәмәәтимиз ҳәм ата-аналар атынан шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги басшылары тәрепинен Кегейли районында жасаўшы кем тәмийинленген З.Ибрагимованың турақ жайын оңлаў ушын 6 мың дана гербиш, Шымбай районында жасаўшы кем тәмийинленген Т.Жийемуратова ҳәм Қараөзек районында жасаўшы, 2 топар майыплығы болған шахс К.Жумабаевтың турақ жайларын оңлаў ушын 240 дана шифер берилди. Буннан тысқары, 1,6 километр узынлықтағы жолға қум-тас төселип, 860 метр узынлықтағы жол тегисленди ҳәм 15 километр жол оңланды.

Орынларда өткерилген қабыллаўларда 29 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленген болса, 41 пуқара мийнет ҳақы төленетуғын  жәмийетлик жумысқа қабыл етилди.  46 пуқара кәсипке таярлаў ушын жиберилип, 31 пуқараға жумыссызлық напақасы тайынланды. Сондай-ақ, 3 пуқараға материаллық жәрдем, 85 пуқараға жумысқа орналасыў ушын жоллама берилди.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги  ўәкиллери тәрепинен 22 пуқараға емлениў ушын ордер, 8 пуқараға майыплық топарына шығыў ушын экспертизаға жоллама берилип, 1 пуқара кислород концентраты менен тәмийинленди. Сондай-ақ, 15 пуқараға майыплық арбашасы ҳәм еситиў үскенеси берилип, 3 пуқара жумысқа орналастырылды. Уллыбритания денсаўлықты сақлаў хызметкерлериниң қатнасыўында 2 наўқасқа телемедицина байланысы арқалы диагноз қойылды. Қараөзек районында 3 наўқасқа қыйын жоқары технологиялық операция ислетиўи ушын 200 миллион сум қаржы дәрегин табыўда жәрдем бериў белгиленди.

-1986-жылы туўылған балам Бахытбай Әўезбақиевқа операция ислетиўде жәрдем сорап мүрәжат еттим,-дейди Бозатаў районы «Саранша» аўылы турғыны Бийбизура Қабылбекова.-Мениң мүрәжатым көрип шығылып, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен 36 миллион сум қаржы ажыратылатуғын болды. Буннан жүдә миннетдарман.

Тәбийғый газ, электр энергиясы тәмийинаты ҳәм ишимлик суўы бойынша бир қатар машқалалар шешимин тапты. Атап айтқанда, 2 трансформатор оңланды, 3 электр жақтыландырғыш, 2 электр есаплағыш орнатылды. Сондай-ақ, 400 метр СИП кабель тартылып, 7 таяныш үстини тазасына алмастырып берилди. Қараөзек ҳәм Төрткүл районларының шетки аймақларына ишимлик суўы жеткерип берилип, 1 километр суў тармағын тартыў жумыслары басланды. Қабыллаўлар даўамында жәми 2960 шаңараққа  419,2 тонна суйылтырылған газ жеткерип берилди.

5  улыўма билим бериў мектебине 75 дана компьютер класы үскенелери жеткерип берилди.  Халық билимлендириў тараўына 32, мектепке шекемги билимлендириў тараўына 10 пуқара жумысқа қабыл етилди. 3 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине зәрүр үскенелер ажыратып берилип, бир мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде оңлаў жумыслары басланды. Қазақстан Республикасынан 48 студентке Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педогогикалық институтына оқыўға көшириўге буйрық шығарылды.

Коммерциялық банклер тәрепинен 15 исбилерменлик субъектине 2,3  миллиард сум кредит қаржылары ажыратылды. Келип түскен 16 мүрәжат бойынша 67,4 миллион сум өндирилди.

Болып өткен қабыллаўлар даўамында пуқаралардың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалалар унамлы шешимин тапты. Бул ийгиликли ислер олардың абадан турмысын тәмийинлеўге, бүгинги күннен разы болып жасаўына хызмет ететуғыны менен де әҳмийетли.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери