Халқымыздың аўырын жеңил, узағын жақын етиў, адамларға жақын болыў, оларды ойландырып жүрген машқалаларды шешиў, бүгинги күнде елимизде алып барылып атырған сиясаттын баслы идеясы есапланады.

Бүгинги күнде Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бул бағдарда көлемли жумыслар әмелге асырмақта. Республикамызда 17 аймақта Мәмлекетлик хызметлер орайы халыққа 130 дан аслам хызмет түрин көрсетип келмекте.

Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети хабар бериўинше, усы жылдың 18-сентябрь күни Төрткүл районы орайынан 65 километр узақта жайласқан «Жамбасқала», «Қумбасқан», «Пахтаабат», «Көкше»  аўыл пуқаралар жыйынларының халқы ушын   Мәмлекетлик хызметлер орайының филиалы жумыс баслады.

– Бурын бул аймақтың турғынлары түрли хызметлер ушын район орайына келип, кететуғын еди. Бул болса өз гезегинде көп ўақыт ҳәм қәрежеттиң жумсалыўына алып келетуғын еди,-дейди аўыл пуқаралар жыйыны белсендилеринен бири Абдурасул Пазилов. Мәмлекетлик хызметлер орайының филиалы жолға қойылыўы халқымызды жыллар даўамында қыйнап келген  машқалалардың шешилиўи жолындағы әҳмийетли қәдем болды. Бизлер жаратылған бундай шараяттан қуўанышлымыз.

Мағлыўмат ушын, районның алыс аймағындағы 15 мыңнан аслам халқы мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў имканиятына ийе болды. Усы күнниң өзинде  бул филиалда 17  бала мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине гезекке жазылды. 5  пуқараның кадастр паспортын ислеў ҳәм 8 пуқараның инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныў бойынша арзалары қабылланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы