Бажыхана уйымлары тәрепинен «жасырын экономика»ның  үлесин азайтыў ҳәм товарлардың нызамсыз ҳәрекетлериниң алдын алыў бойынша бир қатар илажлар өткерилмекте.

Әсиресе, шегара постларындағы оператив илажлар нәтийжесинде бир қатар фактлер анықланбақта.

«Даўыт ата» шегара бажыхана постына қоңсы мәмлекеттен кирип келген пуқара А.Р. басқарыўындағы “Mercedes Benz” маркалы жүк автомашинасы орнатылған тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилди. Нәтийжеде автомашинада көрсетилген ҳүжжетлеринде жазылмаған, улыўма баҳасы 106 миллион сумлық азық-аўқат өнимлери ҳәм товар-материаллық байлықлар бар екенлиги анықланды.

Ҳәзирги ўақытта усы факт бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен дәслепки сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги