«Шымбай дән» ЖШЖға қараслы «Қараөзек дән» филиалы ҳәм қоймаханасының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы болып келген А.А. өз лаўазымлық ўазыйпаларынан пайдаланып, көп муғдардағы пулды растрата арқалы талан-тараж етиўди мақсет етеди.

 

Буның ушын ол 2019-жылдың бийдай зүрәәти орым-жыйым дәўиринде аймақтағы 70 тен аслам фермер хожалықларының улыўма 837 637 килограммлық кемис өнимин қәлбеки ҳүжжетлер арқалы толық тапсырған етип толтырып, кемис шыққан ҳәр бир килограмм ушын 1200 сумнан – улыўма 1 005 164 400 сум муғдарындағы бийдай өнимин қабыллап алғаны бойынша қәлбеки ҳүжжетлерди рәсмийлестиреди. Соңынан усы көп муғдардағы пулларды жоқарыда атап өтилген 70 тен аслам фермер хожалықларының балансына өткерип, растрата болыўына себепши болады.

 

Пуқара А.А. кемис өнимниң тәрезиден дурыс шығыўы ушын бийдай өнимин алып келген жүк автомобильлерин бир неше мәрте айландырып, қайта өлшеўин де шөлкемлестиреди. Ҳәттеки, қоймаханаға жүк алып келген автомобильлердиң мәмлекетлик номерлерин ядтан жазып та жибереди. Бул арқалы өзиниң қылмысларын жасырыўды мақсет етеди.

 

Бирақ, оның бул қылмыслары көпке шекем даўам етпеди. Ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен оның нызамға қайшы ҳәрекетлери анықланып, нызамлы шара қолланыў мақсетинде судқа жиберилди.

 

Тергеў процесинде А.А. өз айыбын тән алып, келтирилген зыянды толығы менен қаплады. Сондай-ақ, өз ҳәрекетленинен пушайман екенлигин билдирди.

 

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районлық судының қарарына муўапық, «Шымбай дән» ЖШЖға қараслы «Қараөзек дән» филиалы ҳәм қоймаханасының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы болып келген А.А. ӨзР Жынаят кодексиниң 167-статьясы 3-бөлиминиң «а» бәнти ҳәм 228-статьясы 2-бөлиминиң «а» бәнтинде атап өтилген жынаятларды әмелге асырыўда айыплы деп табылды. Ол 2 жыл мүддетке мәмлекетлик уйымлар, мәмлекет қатнасындағы кәрхана, шөлкем, мәкемелерде ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында материаллық жуўапкершилик жүклетилген лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айырылып, оған базалық есаплаў муғдарының 150 есеси муғдарында (33 450 000 сум) жәрийма жазасы тайынланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.