Алдын хабар бергенимиздей, 18-сентябрь күни пайтахтымыз Нөкис қаласындағы Аллаяр Досназаров көшеси бойында елимиздиң уллы перзенти, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Аллаяр Досназаровтың атын мәңгилестириў, оның халқымыз ушын ислеген тарийхый хызметлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде бюсти орнатылып, салтанатлы ашылыўы болып өткен еди.

 

Мине, бүгин бул орыннан халқымыздың қәдеми үзилмей атыр. Қарақалпақстан Республикасының барлық аймақларынан адамлар келип, бабамыздың естелигине ҳүрмет көрсетип, гүлшеңберлер қоймақта.

 

Бүгин халқымыздың басламасы менен усы орынға адамлар келип, бабамыздың руўхына Қуран оқылды. Соңынан ел ҳүрметлеген инсан Аллаяр Досназаровқа бағышланған қосықлар, әдебий дөретпелерди жыйналғанларға оқып берип, бул инсанның мәмлекетшилигимиз тарийхындағы орны ҳәм хызметлери ҳаққында айтып берди.

 

Қуўанышлысы, бул жерге көпшилик келешек әўладларымыз болған балалары менен бирге келип, оларға Аллаяр Досназаров ҳаққында мағлыўматлар берди.

 

Соңынан бул жерге жыйналғанлар Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимнин атқарып, усындай байрам кейпиятында бабамыздың бюсти алдында естелик ушын фотосүўретлерге түсти.

 

Халқымыздың сүйикли ҳәм уллы перзенти Аллаяр Досназаровтың естелигиниң ашылыўы халқымыз ушын ҳақыйқый байрамға айланды. Бабамыздың естелигине келиўшилер даўам етип атыр…

 

Мағлыўмат ушын, уллы бабамыздың атын мәңгилестириў, оның халқымыз ушын ислеген мийнетлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2019-жыл 28-ноябрьдеги мәжилис протоколы менен быйылғы жылы бабамыздың атына қойылған көше бойына оның бюстин орнатыў, Аллаяр Досназаров ҳаққында өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде илимий китап баспадан шығарыў, илимий-конференция шөлкемлестириў, оның өмир ҳәм мийнет жолына бағышланған сахналық шығарма ҳәм ҳүжжетли фильм таярлаў сыяқлы бир қатар ийгиликли ислердиң әмелге асырылыўы белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Фотолар Makan.uz сайтының Телеграм каналынан алынды.