Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында 18-сентябрь күни ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм канализация системасын жетилистириў, гүз-қыс мәўсимине таярлық жумысларын жеделлестириў мәселелерине арналған видеоселектор мәжилиси болып өтти. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

 

Быйыл қыс мәўсими суўық болып, ҳаўаның температурасы алдынғы жылларға салыстырғанда 2-5 градусқа төмен болыўы күтилмекте. Сол себепли, Министрлер Кабинетине район ҳәм қалалардағы ҳақыйқый жағдайдан келип шығып, гүз-қысқа таярлық бойынша Ташкент қаласының 12 районы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ҳәр бир ўәлаят бойынша өз алдына қарар қабыл етиў тапсырмасы берилди.

 

Өзбекстан Республикасы Бас министри Ташкент қаласының районларына, Бас министрдиң биринши орынбасары басқа аймақларға усы мәселелер бойынша жуўапкер етип бириктирилди. Таярлық жумысларын, ең алды менен, бул бойынша аўҳал аўыр болған 56 район ҳәм қаладан баслаў зәрүрлиги атап өтилди.

 

1-ноябрьға шекем 3 мыңнан аслам оңланыўы керек болған көп этажлы турақ жайды гүз-қыс мәўсимине таярлаў, 131 социаллық тараў объектин толық ҳәм 3 мыңын ағымдағы оңлаў ўазыйпасы тапсырылды. Медициналық ҳәм билимлендириў мәкемелериниң таярлық жағдайы көрип шығылды.

 

Быйыл гүз-қыс мәўсими ушын 6 миллион тонна көмир өнимлери зәрүрлиги атап өтилип, оларды топлаў ҳәм жеткерип бериў бойынша илажлар белгиленди. Көмир арзан болыўы ушын оны импорт етиўши исбилерменлерге темир жолда тасыў бойынша шегирме бериў зәрүрлиги атап өтилди.

 

Бас прокуратураға көмир баҳасын тийкарсыз көтерип жибериў, дәмегөйлик ҳәм талан-тараж етиў жағдайларының алдын алыў бойынша тапсырма берилди.

 

«Ҳудудгазтаъминот» акционерлик жәмийетине тәбийғый газ жетиспейтуғын аймақларға 385 мың тонна суйытылған газ жеткерип бериў ўазыйпасы жүкленди.

 

Быйылғы мәўсимде электр энергиясына болған талап өткен жылғыға салыстырғанда 7,5 процентке көп болыўы күтилмекте. Усы тараўдың турақлы ислеўи ушын ыссылық электр станцияларын тәбийғый газ ҳәм мазут пенен тәмийинлеў, электр тармақлары, подстанция ҳәм трансформаторларды оңлаў әҳмийетлилиги атап өтилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.