Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-марттағы «Өзбекстан Республикасында мийўе-овощ жетистириўди жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында 2019-жыл 1-октябрьге шекем импорт бойынша алып келинген мийўе-овощ өнимлерин тасыўға қәнигелестирилген транспорт қураллары бажыхана төлемлеринен азат етилген.

 

Сырт еллерден алып келинип, бажыхана төлемлеринен жеңиллик тийкарында рәсмийлестирилген транспорт қуралларының берилген бажыхана жеңилликлеринен мақсетли пайдаланыўы бойынша мониторинг жумысларын алып барыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими хызметкерлери тәрепинен оператив илаж өткерилди. Бул ҳаққында басқарма баспасөз хызмети хабар берди.

 

Илаж даўамында пуқара Е.Д., Т.Ж., Р.Ж. ҳәм Г.Ў. басқарыўындағы гербиш тийелген «Камаз» маркалы жүк автотранспорт қураллары тоқтатылып, ҳүжжетлери үйренилгенде усы автотранспорт қураллары тийкарынан «орынлықлы тягач» болыўына қарамастан, өзбасымшалық пенен «самосвал», яғный өзи көтерип-түсиретуғын жүк автотранспорт қуралына айландырылып пайдаланылып атырғаны мәлим болды.

 

Нәтийжеде 328 миллион сумлық бажыхана төлемлери өндирилди.

 

Өзбекстан Республикасы Бажыхана кодексиниң 22-статьясы «а» бәнтине тийкарланып, бажыхана төлемлерин төлеў бойынша жеңилликлер берилген товар ҳәм транспорт қураллары пайдаланылыўы және ийелик етилиўи шекленген, шәртли шығарып жиберилген товарлар болып табылады. Усы статьяның екинши бөлиминде шәртли шығарып жиберилген товарлардан тек ғана бажыхана төлемлерин төлеў бойынша жеңилликлер бериў шәртлерине муўапық болған мақсетте пайдаланылыўы мүмкинлиги, усы товарлардан олар не мақсетте шығарылған болса, тек сол мақсетте пайдаланылыўы кереклиги және бажыхана төлемлери бойынша берилген жеңилликлер төленген жағдайда шәртли шығарып жиберилген товарлардан басқа мақсетлерде пайдаланыўға жол қойылыўы атап өтилген.

 

Усы жағдайлар бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары даўам еттирилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.