Усы жылдың 14-сентябрь күни саат 12:00 де намәлим адам Тахтакөпир районы Жипек жолы көшесинде жасайтуғын 52 жаслы Б.А.ның жасайтуғын үйине нызамға қайшы түрде кирип, дем алыў бөлмесинде жайласқан сейфтиң ишинен улыўма 8 600 000 сум пулларын жасырын түрде урлап, ўақыя орнынан жасырынған. Бул ҳаққында Тергеў департаменти хабар берди.

 

Жүз берген жағдай бойынша Қараөзек районлық ИИБ жанындағы Тергеў топары тәрепинен ӨзР Жынаят кодексиниң 169-статьясы 2-бөлими «г» бәнти (урлық) тийкарында жынаят иси ашылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылған.

 

Алып барылған тергеў-оперативлик излеў ҳәрекетлери нәтийжесинде бул жынаятты ержетпеген 16 жаслы А.Қ. әмелге асырғаны анықланған ҳәм жынаят исинде гүманланыўшы сыпатында исте қатнасыўға шақырылған.

 

Дәслепки тергеў процесинде А.Қ.дан 2 300 000 сум пуллар айғақлы дәлил сыпатында рәсмийлестирилип алынған.

 

Ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери даўам еттирилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.