Дүньяға келген нәрестеде коронавирус анықланбаған, деп хабар бермекте ӨзА район ҳәкимлигиниң баспасөз хызметине тийкарланып.

 

«Бөлистириў орайында перзент дүньяға келди. Инфекцияға шалынған ана қыз перзентти дүньяға келтиргеннен соң өзин бир қанша жақсы сезип атырғанын айтып, шыпакерлерге миннетдаршылық билдирди. Туўыў процесин гинеколог М.Файзуллаева алып барған болса, мийирбийкелер С.Авезова ҳәм Д.Балтаковалар жәрдемлести. Ана ҳәм баланың аўҳалы турақлы қадағалаўда», – деп жазылған район ҳәкимлиги баспасөз хызметиниң хабарында.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.