Усы жыл 18-cентябрь күни Нөкисте белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Аллаяр Қораз улы Досназаров бюстиниң ашылыў салтанаты болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, министрликлер, уйымлар, республикамызға белгили жазыўшы-шайырлар, А.Досназаровтың урпақлары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды Нөкис қаласының ҳәкими П.Турешов кирис сөз бенен ашты.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов шығып сөйлеп, жыйналғанларды белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Аллаяр Досназаров бюстиниң ашылыўы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлап, Президентимиз басшылығында елимизде тарийхымызды үйрениў, миллий қәдириятларымызды қайта тиклеў, әсиресе, репрессия қурбаны болған ел азаматларының атларын мәңгилестириў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиз усы жылдың 31-август күни «Шейитлер естелиги» естелик комплексинде шығып сөйлеген сөзинде: «Бул инсанлар ҳақыйқый жетекшилер, белсенди зыялылыр, әдебият, мәденият ғайраткерлери, басқаша айтқанда, миллетимиздиң, халқымыздың ең  қәлеўли ўәкиллери еди. Егер олар репрессия етилмегенде Ўатанымыздың раўажланыўы ушын, илим, экономика, мәденият ҳәм әдебиятымыз ушын қандай уллы жумыслар ислеген болар еди, халқымызды алға баслар еди»,-деп олардың мийнетине жоқары баҳа берди.

Ҳақыйқатында да, тоталитар дүзим дәўиринде елимиздеги мыңлаған бийгүнә инсанлардың «халық душпаны» сыпатында жазықсыз жазаланғанын, қаншадан-қанша шаңарақлардың қулап, балалар жетим қалғанлығын бийкарлап болмайды.

Мине усындай наҳақтан жазаланған халқымыздың мәрт перзентлериниң бири Аллаяр Досназаров болып табылады. Өзиниң қысқа өмири даўамында терең билими ҳәм тәжирийбеси, шебер шөлкемлестириўшилик уқыбы, ўатансүйгишлиги менен жәмийетшилик арасында кеңнен танылып, ел арасында үлкен ҳүрмет ҳәм абырайға еристи. Әсиресе оның Қарақалпақстан автономиялы областын дүзиўдеги айрықша мийнетлерин, халқымыздың миллий өзгешеликлерин анықлаў, миллий мәмлекетлик шегараларды белгилеўдеги жанкүйерлигин, сондай-ақ, мәнаўиятымызды ҳәм ағартыўшылығымызды раўажландырыў жолындағы  пидәкерлик мийнетлерин қанша мақтаныш етсек те арзыйды.

А.Досназаровтың естелигин мәңгилестириў, оның халқымыз ушын ислеген мийнетлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2019-жыл 28-ноябрьдеги мәжилиси шешими менен быйылғы жылы бир қатар ийгиликли ислерди әмелге асырыў белгилеп алынды. Атап айтқанда, «Аллаяр Досназаров» атлы илимий китапты өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде баспадан шығарыў, «Тарийхтағы шахстың роли» атамасында илимий конференция шөлкемлестириў, белгили жазыўшы Алпысбай Султановтың авторлығындағы  тарийхый драманы қайта сахналастырыў, Аллаяр Досназаровтың өмири ҳәм мийнет жолына бағышланған ҳүжжетли фильм таярлаў, бүгин бәршемиз гүўасы болып турған бюстин орнатыў сыяқлы ийгиликли ислер уллы бабамызға деген жоқары ҳүрмет ҳәм итибардың айқын көриниси болып табылады.

Әлбетте, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Аллаяр Досназаровтың ҳүрметине ашылған естелик-бюсти бәршемиз, әсиресе, жасларымыз ушын жақын тарийхымыздан сабақ беретуғын, бабамыздың атын ҳәм қаҳарманлығын еслетип туратуғын, мәрт ата-бабаларымызға мақтаныш сезимлерин оятатуғын, жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳәм миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялайтуғын гөззал зыярат орнына айланатуғынына исенемиз.

Ашылыў салтанатында, сондай-ақ, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, «Сәният» журналының бас редакторы А.Султанов, Қарақалпақстан халық шайыры, сенатор Г.Аннақиличева, Аллаяр Досназаровтың урпағы П. Досназарова шығып сөйлеп, бул уллы инсанның атын мәңгилестириў бойынша көрсетилип атырған итибар және ғамқорлығы ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылығын билдирди.

-Қарақалпақ халқының республика болыўында бабамыздың мийнети айрықша,-дейди Патпа Досназарова.-2018-жылдың октябрь айында Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Султановтың басшылығындағы бир топар қарақалпақ зиялылары Россияның Карелия үлкесине барып, Аллаяр Досназаровтың қойымшылығына қулпы тас орнатып, Кемь қаласынан топырағын алып келди. Бундай ийгиликли ислер республикамызда даўам етип атырғанынан шексиз қуўанышлымыз.

Буннан кейин естелик-бюст салтанатлы жағдайда ашылып, оның қатнасыўшылары бабамыз естелигине ҳүрмет көрсетти ҳәм гүллер қойды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери