Республикамызда  халықты қыйнап атырған машқалаларды анықлаў, оларды тиккелей орнында сапластырыў бойынша анық ҳәм жедел илажлар көриў мақсетинде Президент Администрациясы, министрликлер ҳәм мәпдар шөлкемлер ҳәм аймақлық секторлардың басшылары қатнасыўында ғалабалық қабыллаўлар шөлкемлестирилмекте.  

Бозатаў районында өткерилген қабыллаўда исбилерменлердиң машқалаларын шешиўге айрықша итибар қаратылды. Бозатаў районындағы «Көксуў» аўылында жасайтуғын жас исбилермен  Азамат Халмуратов та ғалаба қабыллаўға өзиниң жаңа жойбары менен келди. Ол жас болыўына қарамастан «Халмурат бажбан» шарўа хожалығын ашып, заманласларын жумыс пенен тәмийинлеген. Енди жумысын және де кеңейтиў нийетинде. Австриядан нәсилли қара малларды алып келип, сүтти қайта ислеў комплексин шөлкемлестириўди режелестирген. Буның ушын 2 миллиард сум кредит қаржысы зәрүр. Өзбекстан Орайлық банки ҳәм Халық банки жуўапкерлери бул жойбарды усы жердиң өзинде талқылап, телефон арқалы зәрүрли шөлкемлер менен байланысып, олардың имканиятлары көрип шығылды. Буннан кейин А.Халмуратовқа шарўа комплексин шөлкемлестириў ушын 2 миллиард сум жеңиллетилген кредит ажыратылатуғын болды.

Ғалаба қабыллаўларда Бозатаў, Кегейли, Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай районларынан жәми 316 мүрәжатшының 319 мәселеси көрип шығылды. Олардың 169ы сол жерде шешилди, 16 мүрәжат ийесине ҳуқықый түсиниклер берилди. 134 мүрәжат бойынша анық мүддет ҳәм жуўапкерлер белгиленип, қадағалаўға алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги