Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша Республикалық арнаўлы комиссияның

МӘЛИМЛЕМЕСИ

Пандемия шараятында әмелге асырылып атырған карантин илажларын басқышпа-басқыш жумсартыў илажларын әмелге асырыў, атап айтқанда, халықаралық қатнаўларды тиклеў арқалы халыққа және исбилерменлик субъектлери ушын қолайлы шараят жаратыў үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Жоқарыдағыларды инабатқа алып, Республикалық арнаўлы комиссияның гезектеги қарары менен республика аэропортларында, темир жол станцияларында ҳәм шегара пунтклеринде шахслар ҳәм транспорт қуралларының хәрекетлениўи бойынша буннан алдын киргизилген шеклеўлер жумсартылып, 2020-жыл 1-октьябрьден ҳәрекеттеги карантин ҳәм санитариялық-гигиеналық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда Өзбекстан Республикасына авиация, темир жол ҳәм  автожол өткериў пунктлери арқалы кирип-шығыўға рухсат берилди.

Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 31-августтағы қарары менен тастыйықланған Коронавирус пандемиясы дәўиринде турақлы халықаралық авиақатнаўларды әмелге асырыў тәртиби ҳаққында  ўақтыншалық инструкция талаплары барлық түрдеги халықаралық авиақатнаўларға ҳәм халықаралық темир жол қатнаўларын әмелге асырыў жағдайларына да тийислилиги бойынша енгизилетуғыны белгиленди.

Республика аэропортларында, темир жол станцияларында ҳәм шегара пунктлеринде шахслар ҳәм транспорт қуралларының ҳәрекетлениўине рухсат берилип атырғанлығы мүнәсибети менен халықаралық туризмди шөлкемлестириўге қолланылған шеклеўлер бийкар етилди. Соның менен бирге туризмди раўажландырыў ушын зәрүр шараятларды жаратыў мақсетинде туристлик компанияларға туристлерди алып келиўге байланыслы жеңилликлер усынылмақта.

Онда Өзбекстан Республикасына сырт мәмлекетлердиң пуқаралары болған туристлерди алып келиў жумысы менен шуғылланып атырған туристлик фирмалар олар тәрепинен мәмлекетимизге туристлик топар (5 адамнан аз ҳәм 15 адамнан аслам болмаған ҳәм түрли кеселликлер, соның ишинде, Covid-19  қамтып алатуғын толық лицензиясы болыўы шәрти менен) сыпатында шөлкемлестирилип атырған  туризм саяхатларын әмелге асырыўдан алдын туристлерди ПЗР тест тексериўден өткерилиўин тәмийинлеў және ПЗР тест тексериўи нәтийжеси унамсыз болған туристлерди 14 күнлик карантинде сақлаў бойынша шеклеў қолланылмаслығы және Өзбекстан Республикасына кириўде коронавирус инфекциясына ПЗР, экспресс-тест ямаса антиген тексериўлеринен өткерилмеўи белгиленди.

Сырт ел туристлери Өзбекстан Республикасында ҳәрекеттеги карантин шеклеўлери ҳәм санитариялық-гигиеналық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда ҳәрекетлениўлери  зәрүр болып, бул бағдардағы талаплардың орынланыўы туристлик фирмаларға жүкленди.

Соның менен бирге Өзбекстан Республикасына кириў ўақтында коронавирус инфекциясының белгилери (жөтел, температура ҳәм тағы басқалар) пайда болғанда сырт ел туристи өткериў пункти (аэропорт, вокзал ямаса басқа) аймағында өз есабынан коронавирус инфекциясына ПЗР ямаса экспресс-тест ямаса антиген тексериўинен өтиў ушын үлги тапсырады, онда тест нәтийжелери унамлы шығатуғын болса өз есабынан карантинге алынып емлеўден өтеди ямаса өз мәмлекетине қайтады.

Быйылғы жылдың 1-октябринен баслап Қазақстан, Түркменстан, Тәжикстан республикалары және Аўғанстан Ислам Республикасы менен шегарада жайласқан автожол өткериў пунктлери арқалы Өзбекстан Республикасына киргизип атырған шахслар санитариялық қағыйдаларға ҳәм нормаларға қатаң әмел еткен және коронавирус инфекциясына ПЗР ямаса экспресс-тест ямаса антиген тексериўинен өткен ҳалда 14 күнге мийманхана ямаса үй карантинине жибериледи.

Сырт мәмлекетлерден (авиа, темир жол ҳәм транспорт қуралы арқалы) келетуғын шахсларды Өзбекстан Республикасында қабыл етиўдиң төмендеги тәртиби енгизиледи:

соңғы 14 күн даўамында «жасыл» мәмлекетте (Қытай, Тайланд, Малайзия, Қубла Корея, Грузия, Венгрия, Финляндия, Латвия, Австрия ҳәм Япония) болып турған шахслар – Өзбекстан Республикасы аймағына тиккелей киргизиледи;

«сары» (Әзербайжан, Беларусь, БАӘ ҳәм Европа Аўқамының мәмлекетлери (Уллы Британия ҳәм Испания буған кирмейди) және «қызыл» мәмлекетлерден (қалған барлық мәмлекетлер)кирип атырған шахслар – соңғы 72 саат даўамындағы коронавирус инфекциясына ПЗР тест тексериўиниң унамлы нәтийжелери ҳаққында мағлыўматнама усыныс еткен ҳалда Өзбекстан Республикасы аймағына киргизиледи.

Онда:

шахс соңғы 72 саат ишинде коронавирус инфекциясына тексериўден өтпеген болса ямаса шахста коронавирус инфекциясының белгилери (жөтел, температура ҳәм тағы басқалар) бар болса, Өзбекстанға келгенинен соң өткериў пункти (аэропорт, вокзал ямаса басқа) аймағында өз есабынан коронавирус инфекциясына ПЗР ямаса экспресс-тест ямаса антиген тексериўинен өтиў ушын үлги тапсырады және Өзбекстан Республикасы аймағына киргизилип, 14 күнге мийманханаға ямаса үй карантинине жибериледи;

Өзбекстан Республикасы аймағына кирип атырған шахслардан 14 күн даўамында мийманханада ямаса үй карантининде болыў миннетлемесин жуўапкершилигине алыў ҳаққында «тилхат» алынады;

ПЗР, экспресс-тест ямаса антиген тексериўиниң нәтийжелери унамлы болған жағдайда, шахс белгиленген тәртипте карантин орайы ямаса тилегине бола мийманханаға карантинге жайластырылады.

Жуўапкер уйымларға сырт мәмлекетлердиң жуўапкер уйымлары менен сөйлесиўлер өткерген ҳалда барлық түрдеги халықаралық қатнаўлардың (авиа, темир жол, автобус қатнаўлары) санын көбейтиў бойынша айрықша тапсырма берилди.

Соның менен бирге карантин шеклеўлери жумсартылыўы мүнәсибети менен айырым пуқаралар тәрепинен ҳәрекеттеги карантин шеклеўлери және санитариялық-эпидемиологиялық талапларға әмел етилмей атырғанлығы, соның ишинде, жәмийетлик орынларда, жәмийетлик транспортта социаллық  аралық сақланбай атырғанлығы, медициналық нықап тақпаған ҳалда ҳәрекетленип атырғанлығы, той ҳәм басқа шаңарақлық мәресимлерди өткериў талабы ҳәм тәртиби бузылып атырғанлығы және оның ақыбетинде халықтың арасында коронавирус инфекциясының тарқалыўы жағдайлары кескин көбейип атырғанлығын инабатқа алып, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға профилактикалық ҳәм қадағалаў илажлары (рейдлер)ин әмелге асырыў тапсырылды.

 

ӨзА