Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Алишер Усманов басшылығындағы жумысшы топар Шымбай, Тахтакөпир районларында болып, усы районлардың халқы менен көшпели қабыллаў өткерилди. 

Онда министрликлер, мәкеме, кәрхана басшылары ҳәм пуқаралар қатнасты.

Қабыллаўда Тахтакөпир районы турғынлары тәрепинен «Маржанкөл» аўылында жол мәселеси ҳәм балалар бақшасын оңлаў, «Айдосқала» аўылына  («Қараой» мәкан пуқаралар жыйыны) мәмлекетлик балалар бақшасын қурып бериў, «Әдил» аўылына («Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны) суў тармағын жеткерип бериў, пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў, жеке исбилерменлигин баслаў ушын жеңиллетилген кредит алыў мәселелери бойынша жәми 25 мүрәжат келип түскен болып, 5 пуқараның мүрәжаты сол жердиң өзинде унамлы шешим тапты.

Шымбай районында өткерилген қабыллаў даўамында пуқаралардан кредит қаржыларын алыў, электр энергиясы, газ ҳәм ишимлик суўы менен тәмийинлеў, медициналық хызмет, бәнтлик мәселелери бойынша мүрәжатлар келип түсти.

– Мен ишимлик сүўы бойынша мүрәжат еткен едим. Мүрәжатым сол жердиң өзинде унамлы шешим тапты. Халқымызды ойлап қыйын, қыстаўлы ўақытта усындай ушырасыў өткерип, халықты тыңлап, мүрәжатлеримиз унамлы шешилип атырғаны ушын жумысшы топар ағзаларына миннетдаршылық билдиремен,  – дейди Шымбай районындағы «Шахтемир» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Бағыйла Абдуллаева.

Мүрәжатлардың басым көпшилиги сол жердиң өзинде унамлы шешилип, шешимин күткен мүрәжатларды тийисли тараў қәнигелерине қадағалаўға алыў бойынша тапсырмалар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги