Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ҳиндстан Республикасының Бас министри Нарендра Модиға оның 70 жасқа шыққан ҳәм  туўылған күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларын жоллады.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң хатында Ҳиндстан Бас министрине денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм жуўапкершиликли мәмлекетлик лаўазымындағы жумысында жаңа табыслар, дос Ҳиндстан халқына болса тынышлық-аманлық ҳәм турақлы раўажланыў тиледи.

ӨзА