Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында, сырт еллерден авиа, темир жол ҳәм автотранспорт қуралы арқалы Өзбекстанға келетуғын адамларды қабыллаўдың жаңа тәртиби енгизиледи.

 

Соңғы 14 күн даўамында «жасыл» мәмлекетте (Қытай, Таиланд, Малайзия, Қубла Корея, Грузия, Венгрия, Финландия, Латвия, Австрия ҳәм Япония) болып турған адамлар – Өзбекстан аймағына тиккелей киргизиледи.

 

«Сары» (Әзербайжан, Беларусь, БАӘ ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери (Уллы Британия ҳәм Испания буларға кирмейди) және «қызыл» мәмлекетлерден (қалған барлық мәмлекетлер) кирип келетуғын адамлар – соңғы 72 саат даўамындағы коронавирусқа ПЗР тести терис нәтийжелери ҳаққында мағлыўматнама усынған ҳалда Өзбекстан аймағына киргизиледи.

 

Егер бул адамлар соңғы 72 саат ишинде коронавирусқа тест тапсырмаған болса ямаса оларда коронавирус инфекциясының белгилери (жөтел, температура ҳәм т.б.) болса, Өзбекстанға келгенинен соң өткериў пункти (аэропорт, вокзал ямаса басқа) аймағында өз есабынан коронавирусқа ПЗР ямаса экспресс-тест яки болмаса антиген тексериўинен өтеди және Өзбекстан аймағына киргизилип, 14 күнге мийманханаға ямаса үй карантинине жибериледи.

 

Өзбекстанға келетуғын адамлардан 14 күн даўамында мийманханада ямаса үй карантининде болыў миннетлемесин жуўапкершилигине алыў ҳаққындағы тилхат алынады.

 

Тексериў нәтийжелери оң болған жағдайда, сол адамлар белгиленген тәртипте карантин орайы ямаса қәлеўине қарай мийманханаға карантинге орналастырылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.