Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Алишер Усманов басшылығындағы жумысшы топар Қараөзек районында болып, район халқы менен ушырасыў өткерди.  

Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Қабыллаўға министрликлер, мәкеме, кәрхана басшылары ҳәм пуқаралар қатнасты.

Қабыллаўда райондағы «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйынының бир қатар турғынлары атынан аўыл орайына асфальт  төселмелеринен  жәрдем сорап мүрәжат етти. Бул мүрәжат тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренилип шығылып, сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты ҳәм усы күнниң өзинде аўыл орайының 150 метр жерине асфальт төселмелери жеткерилип берилди.

Сондай-ақ, «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны  «Түркмен аўыл» турғынларын Трансформатор мәселеси жыллар даўамында қыйнап  киятырған еди. Қабыллаўда усы аймақ турғынларының мүрәжатлары да көрип шығылып, 220КВ лық бир дана трансформатор қойып берилип, пуқаралардың мүрәжатлары қанаатландырылды.

Қабыллаў даўамында пуқаралардан кредит қаржыларын алыў, электр энергиясы, газ ҳәм ишимлик суўы менен тәмийинлеў, медициналық хызмет, бәнтлик мәселелери бойынша мүрәжатлар келип түсти.

Мүрәжатлардың басым көпшилиги сол жердиң өзинде унамлы шешилип, шешимин күткен мүрәжатларды тийисли тараў қәнигелерине қадағалаўға алыў бойынша тапсырмалар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги