Аўыл хожалығында  жетистирилип  атырған  өнимлердиң  сапасы оның ишки   ҳәм  сыртқы  базарларда  мүнәсип  орын  ийелеўин  тәмийинлейди. Бул процесслерде  өнимниң  карантин тексериўинен өткерилип, сатыўға шығарылыўы  азық-аўкат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлейди, сондай-ақ, карантин объектлери тарқалыўының алдын алады.

– Ҳәзирги күнде Төрткүл, Қоңырат районы ҳәм Нөкис қаласы  сыртқы экономикалық байланыс бажыхана постларында экспорт ҳәм импорт өнимлери өсимликлер карантини агроном-инспекторлары тәрепинен карантин тексериўинен өткерилип, фитосанитар сертификатлар ҳәм  карантин  актлери   рәсмийлестирилмекте,-дейди Қарақалпақстан  Республикасы  Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының баспасөз хаткери М.Пирниязова.

Усындай жумыслар нәтийжесинде быйылғы жылдың август айы даўамында Төрткүл  сыртқы экономикалық байланыс  бажыхана посты  арқалы  22000 кг. мәш, 44000 кг. гүнжи  өнимлери  Ирак мәмлекетине экспортқа  шығарылды.  Сондай-ақ, 5597,489 метр куб. ағаш ҳәм ағаш өнимлери Россия федерациясынан импорт етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги