Жақынға шекем елимизде халықты дизимге алыўға байланыслы нызам қабыл етилмеген еди. 2022-жылы Өзбекстан Республикасында халықты дизимге алыў бойынша улыўма миллий илаж өткериледи. Ҳәзирги ўақытта тийисли министрликлер менен шөлкемлер тәрепинен бул әҳмийетли процесске таярлық көриўдиң ҳуқықый тийкарлары жаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманы менен тастыйықланған Мәмлекетлик бағдарламада халықты дизимге алыў концепциясын таярлаў ўазыйпасы белгиленген еди.

Усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Мәмлекетлик статистика комитети тәрепинен мәпдар министрликлер ҳәм мәкемелер менен биргеликте халықты дизимге алыў концепциясы ислеп шығылды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-февральдағы «Өзбекстан Республикасында 2022-жылда халықты дизимге алыўды өткериў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Ал, 2020-жыл 16-мартта «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.

– Елимизде халықты дизимге алыўдың ҳуқықый тийкарлары халықаралық нормаларға сәйкес түрде қәлиплестирилмекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы баслығының орынбасары  К.Омаров. – Республикамыздағы демографиялық процесслердиң жағдайын үйрениўде мәмлекетлик көлемде алынған халықтың дизими туўралы мағлыўматлар үлкен әҳмийетке ийе болады.

Тарийхый дәреклерге қарағанда, Өзбекстан аймағындағы халықтың  дизимге алыныўы ең дәслеп 1897-жылы Түркстан генерал-губернаторлығы тәрепинен әмелге асырылған. Бул усы аймақтағы бар шаңарақлардың ҳәм халықтың саны, жасы, жынысы, этникалық қурамы, туўылыў ҳәм өлим менен байланыслы демографиялық процесслер туўралы мағлыўматларға ийе болыў ушын үлкен жәрдем берген. Соң халықты дизимге алыў жумыслары 1926, 1939, 1959, 1970, 1979 ҳәм 1989-жыллары шөлкемлестирилген.

Жаңадан қабыл етилген «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы нызамда дизимге алыў қағазы, шахсқа байланыслы мағлыўматларды жыйнаў тәртиплери ҳәм респонденттиң ҳуқықлары сыяқлы мәселелер белгиленген. Ендигиден былай мәмлекетимизде ҳәр 10 жылда кеминде бир мәрте халықты дизимге алыў илажлары өткериледи.

Нызамға муўапық дизимге алыў пүткил Өзбекстан ямаса белгиленген аймақлар бойынша өткерилип, демографиялық сәне ҳәм халықтың социаллық-экономикалық характеристикасын анықлаўға қаратылған жеке мағлыўматларды жыйнаў ҳәм оларды қайта ислеў тәртиплерин белгилейди. Дизимге алыўдың тийкарғы мақсети – Өзбекстанда халық қурамының жағдайы ҳәм раўажланыў динамикасы бойынша мәмлекетти социаллық-экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий раўажландырыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларын белгилеў ҳәм әмелге асырыў ушын зәрүр болған исенимли және қалыс мағлыўматты алыўдан ибарат.

Халықтың денсаўлығын беккемлеў, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың жасаў шараятларын жақсылаў, шаңарақларға  жәрдем көрсетиў бойынша илажларды ислеп шығыў мақсетинде халық қурамындағы, мәмлекеттиң демографиялық жағдайларындағы өзгерислерди баҳалаўға байланыслы мағлыўматлар базасын кеңейтиў дизимге алыўдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди. Сондай-ақ, қалаларды ҳәм басқа да елатлы пунктлерди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың, мийнет ресурсларын жайластырыў ҳәм олардан пайдаланыўдың узақ, орта ҳәм қысқа мүддетли болжаўларын ҳәм бағдарламаларын таярлаў, халықты дизимге алыў аралығындағы дәўирде халықтың саны ҳәм қурамының сол ўақыттағы есабын, есап-санағын, болжаўларын әмелге асырыў, социаллық-экономикалық раўажланыў мәселелери бойынша илимий изертлеўлер өткериў де тийкарғы ўазыйпаларға киреди.

Сораў мәмлекетлик тилде әмелге асырылады. Мәмлекетлик тилди билмейтуғын респондентлер өз ана тиллеринде ямаса басқа еркин таңлаған байланыс тилинде сораўда қатнасыўы мүмкин болады. Дизимге алыў бойынша жуўмақлаўшы мағлыўматлар юридикалық ҳәм физикалық тәреплер ушын ашық болады ҳәм ғалаба хабар қуралларында жәрияланады.

Басқарманың «Дизимге алыў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бөлими»не тәжирийбели қәнигелер тартылып, олар тәрепинен халықты дизимге алыў бойынша әмелге асырылатуғын жумысларға таярлық көрилмекте.

Бүгинги күнге келип ҳәкимшилик аймақлық бирликлер дизими ҳәм шегараларына анықлық киргизилди. Яғный, аўыл (АПЖ) ҳәм мәкан (МПЖ) пуқаралары жыйынларының шегаралары ҳәм аймақлық пунктлери бойынша электрон түрдеги схематикалық режелер, карталар ислеп шығылды.

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы бойынша көшелердиң атамаларын ҳәм жай номерлерин толық орнатыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Халықты дизимге алыўға таярлық көриў жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги