2020-2021-оқыў жылы ушын сырт еллердеги ямаса мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларынан оқыўын көшириў (тиклеў) бойынша өткерилген арнаўлы сынақлардың (онлайн тест, кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар) нәтийжелерине муўапық Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги системасындағы жоқары оқыў орынларына өтиў балы 56,7 балл етип белгиленди. Бул ҳаққында министрлик мағлыўмат берди.

 

Арнаўлы сынақларға (онлайн тест, кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларға) қатнасып, 56,7 балл ҳәм оннан жоқары балл топлаған студентлер тийисли жоқары оқыў орынларына мүрәжат етиўи кереклиги мәлим етилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.