Бул сораўға МҒКАда болып өткен брифингте коронавирусқа қарсы гүрес штабының ағзасы Нурмат Отабеков төмендегише жуўап берди:

-Нықаплар тийкарынан барьер, яғный тосық ўазыйпасын атқарады. Наўқас адам түшкиргенде, жөтелгенде ҳаўа тарқататуғын майда бөлекшелерди иркип қалады, бирақ ҳаўаны арқайын өткереди.

Карбонат ангидридтен зәҳәрленип қалыў мүмкин деген пикир пүткиллей надурыс. Мәселен, ҳәзирги күнде COVID-19 инфекциясы менен гүресип атырған медицина хызметкерлери саатлап нықапты шешпей наўқасларға қарайды.

Әлбетте нықаплардан дурыс пайдаланыўға әҳмийет бериў керек, яғный оларды ҳәр 2 саатта алмастырып турыў зәрүр.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги