15-сентябрь күни халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиниң гезексиз он үшинши сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

 

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

 

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов қатнасып, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, әсиресе, бүгингидей сынаўлы дәўирде халықтың турмыс абаданлығын жақсылаў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, жәрдемге мүтәж ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша алда турған ўазыйпалар ҳаққында кең түрде шығып сөйледи ҳәм район ҳәкими лаўазымына  усы күнге дейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети баслығы лаўазымында ислеп келген Ибрагимов Абу-Бакир Абдинаимовичтиң кандидатурасын усынды.

 

Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

 

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Сессияда Ибрагимов Абу-Бакир Абдинаимович Қанлыкөл районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды ҳәм өзиниң бар билим, топлаған ис-тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме гүллеп-раўажландырыўға, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға жумсайтуғынлығын атап өтти.

 

Мағлыўмат ушын, Ибрагимов Абу-Бакир Абдинаимович өткен жыллар ишинде Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы юридик шахсларды салыққа тартыў бөлими баслығы, Нөкис қаласы ҳәкимниң экономика ҳәм социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары, Нөкис қаласы ҳәкимниң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети баслығы сыяқлы жуўапкерли лаўазымларда жумыс алып барған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.