Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Қаллибек Муҳаммеддинов Германия мәмлекетиниң пайтахты Берлин қаласында 1-15-сентябрь күнлери болып өткен III-Халықаралық көп жанрлы “GERMAN TALENTS” атлы онлайн конкурсына қатнасқан еди.

Қ.Муҳаммеддинов конкурста «Қарақалпағым» қосығын атқарып, сыйлы биринши орынды алыўға миясар болды.

– Мен бул конкурсқа эстрадалық вокал номинациясы бойынша қатнастым. Маған музыка ҳәм қосық айтыў сырларын терең үйретип, биринши орынды алыўыма себепши болған устазларым Өзбекстан халық артисти Райхан Сапарова ҳәм Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен жаслар устазы Аяпберген Аллановқа өз миннетдаршылығымды билдиремен,-дейди Қ.Муҳаммеддинов.

Бизде өз гезегинде оның қолға киргизген табыслары менен шын жүректен қутлықлаймыз. Бәлент лапыз, хош ҳаўаз тилеймиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги