Қәбилетли, талапшаң, билимли Нурсултан Нурниязов заманласларынан бурын имтиханларсыз оқыўға кирип, студент болыў  бахтына миясар болды. Ол Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллер факультетине мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылланды.  

Н.Нурниязов 2002-жылы Шымбай районында туўылған. Районлық  37-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқып жүрген ўақтынан баслап, зийреклиги, тил алғышлығы менен көзге түсти.

Ол 2013-жылдан районлық «Камалак» балалар шөлкеми жанындағы Сәрдарлар Кеңеси ағзасы болды.

2017-жылы 14-ноябрьде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан жаслар аўқамының белсенди ағзаларына жоқары оқыў орынларына кириўде имканиятлар жаратыў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарар тийкарында өткерилген таңлаўға Нурсултан Нурниязов та районлық комиссияға өзиниң ҳүжжетлерин тапсырып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен мақул деп табылып, талабанлар қатарында сәўбеттен өтти ҳәм әўмет күлип бағып, студент болыў бахтына еристи.

Ол жас болыўына қарамастан Чехия, Болгария мәмлекетлериниң жас алымлары форумының қатнасыўшысы. Оның илимий мақалалары менен тезислери журналларда басылып шыққан ҳәм бир неше мәрте сертификат пенен сыйлықланған.

Нурсултан «Ўатанның раўажланыўына мениң үлесим» жойбары шеңберинде өткерилген таңлаўдың «Күнделикли басылымларда баспадан шыққан дөретиўшилик жумыслар» номинациясы бойынша Өзбекстан Республикасы басқышы жеңимпазы болды. Ол жас жазыўшылар арасында өткерилген «Жыл гүрриңи» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында биринши орынды ийеледи.

– Жетискенликке ерисиўимде устазларым Икрам Абдикаликов ҳәм Сарбиназ Жолымбетоваға өз миннетдаршылығымды билдиремен, – дейди Нурсултан Нурниязов. Келешекте мен де Өзбекстан Қаҳарманы Алланияз Өтениязовтай өз жумысымды муғаллимшиликтен баслап, ел-халқыма пайдасы тийетуғын, халық перзенти болыў нийетиндемен.

Н.Нурниязов «Аралымды қумсайман», «Көз моншақ болайын өзиңе Ўатан» атамасындағы поэзиялық китаплардың авторы. Ҳәзирги күнде оның «Қәлб көзин  саўға еткен инсанлар» атамасындағы китабы баспаға берилген.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы