Тәжикстан пайтахтында 14-сентябрь күни «Өзбекстан ҳәм Тәжикстан басшыларының дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара исенимди беккемлеўге қосқан үлеси, өзбек – тәжик стратегиялық шериклигинде жаңа беттиң ашылыўы» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Бул әнжуман Тәжикстан Республикасы Миллий Илимлер академиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Конференцияны Тәжикстан Миллий Илимлер академиясының президенти Фарҳод Раҳимий, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары Акмал Саидов ҳәм мәмлекетимиздиң Тәжикстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Эргаш Шоисматов кирис сөзи менен ашты. Шығып сөйлеўшилер мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм туўысқанлық қатнасықлары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның беккем сиясий ерк-ықрары, избе-из, мақсетли ҳәрекетлери себепли жаңа түр, мазмун ҳәм мәниске ийе болғанын, бүгинги күнге келип түрли тараўлардағы бирге ислесиў көлеми мисли көрилмеген дәрежеде жоқары пәтте кеңейип баратырғанлығын атап өтти. Ең әҳмийетлиси, мәмлекет басшыларының умтылысларын тек сиясатшылар, экспертлер емес, ал еки мәмлекеттиң халқы шын жүректен, толқынланып атап өтпекте. Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы жақсы мүнәсибетлер бүгинги күнде саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық, билимлендириў, илим, көркем өнер ҳәм мәденият сыяқлы түрли тараўларда жедел раўажланып бармақта. Қала берсе, әсирлер сынағынан өткен дослық, туўысқанлық байланыслар әпиўайы адамлар арасындағы барыс-келис, туўысқанлық, қудалар қарым-қатнасықлары көринисинде де қайта тикленип, беккемленип атыр.

Халықаралық конференцияның жалпы мәжилисинде Тәжикстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық изертлеўлер орайы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының жуўапкер хызметкерлери, еки мәмлекеттиң Илимлер академияларының қәнигелери, илимпазлар, экспертлер мәмлекетлеримиздиң сиясий, социаллық-экономикалық, илимий-мәдений ҳәм басқа да тараўлардағы қатнасықларының ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективаларын додалады.

Экспертлеримиздиң шығып сөйлеўлеринде илим тараўындағы бирге ислесиў, мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликтиң Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўдеги ролине айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекет басшылығына келген соң, Орайлық Азия – мәмлекетимиз сыртқы сиясатының ең тийкарғы бағдары сыпатында белгиленгени, ҳәзирги процессте Тәжикстан менен қатнасықларды жаңа басқышқа көтериў тийкарғы мақсетлерден бири екенлиги атап өтилди. Баянат даўамында мәмлекетлеримиз арасындағы көплеген тараўларда избе-из раўажланып атырған байланыслар, бирге ислесиў көлеми жедел пәтте кеңейип баратырғаны таллаўлар, статистикалық санлардың жәрдеминде тийкарланып берилди.

Мәселен, соңғы үш жылдың талланыўы соны көрсетпекте, 2016-жылы еки мәмлекет арасындағы саўда көлеми 200 миллион долларды қураған болса, 2019-жылдың ақырына келип бул көрсеткиш үш мәрте артып, 497 миллион долларға жетти. Пүткил дүньяда коронавирус инфекциясы тарқалыўы мүнәсибети менен белгили шеклеўлер енгизилгенине қарамастан, 2020-жылдың январь-июль айларында өз-ара товар алмасыў көлеми 275,2 миллион долларға тең болды.

Тәжикстанлы баянатшылар, өз гезегинде, мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық қатнасықлардың раўажланыўы халықларымыздың турмыс тәризинде көринип атырғанлығы атап өтилди.

Пикир-усынысларға бай болған жалпы мәжилис даўамында сиясат, экономика, социаллық турмыс, мәденият, көркем өнер, илим бағдарларында жумыс алып барып атырған еки мәмлекеттиң ўәкиллери өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў, қатнасықлардың көлемин және де кеңетиўге байланыслы әҳмийетли пикирлерди билдирди. Дослық руўхта, сораў-жуўап, еркин сәўбетлесиў тийкарында болып өткен додалаўларда түрли тараўлардағы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары белгилеп алынды.

Соң халықаралық әнжуманның жумысы секция мәжилислеринде даўам етти. Айрықша топарларда өткерилген сөйлесиўлерде еки мәмлекеттиң жетекши экспертлери Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы сиясий қатнасықлар, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслардың жағдайы ҳәм перспективасы, мәмлекетлераралық илимий байланыслар сыяқлы темаларда баянат ҳәм сөйлесиўлер арқалы бирге ислесиўдиң түрли мәселелери бойынша пикир алысты.

Қәнигелердиң шығып сөйлеўлеринде сиясат, регионаллық интеграция, Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыў мәселелери бойынша тәреплердиң көзқарасларындағы улыўма белгилер, жер жүзинде жаңадан қәлиплесип атырған тәртип-қағыйдалар шараятында Өзбекстан-Тәжикстан мүнәсибетлери, мәмлекетлеримиздиң Аўғанстанда турақлылықты тәмийинлеўге қосып атырған үлеси сыяқлы әҳмийетли темалар додаланды. Атап айтқанда, «Өзбекстан Республикасы Аўғанстандағы жағдайды тыныш жол менен шешиў бағдарындағы ҳәрекетлери ҳәм умтылыслары, қатнаслары ҳаққындағы: Өзбекстан- Тәжикстан бирге ислесиўиниң перспективалы бағдарлары» темасы қатнасыўшылар тәрепинен қызған күтип алынды.

Экономикаға байланыслы секция мәжилисинде Өзбекстан ҳәм Тәжикстан узақ перспективадағы экономикалық бирге ислесиўдиң стратегиялық бағдарлары, саўда, инвестиция ҳәм санаат кооперациясы бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў – халықларымыздың абаданлығын арттырыўдың гилти, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан илимпазлары арасында экономикалық демографиялық изертлеўлер тараўында бирге ислесиўди орнатыў, транспорт ҳәм энергетика тараўындағы байланыслар және интеграция қатнасықларын раўажландырыў, регионда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде аграр өндирис тараўында бирге ислесиўди жолға қойыў, финанслық-инвестициялық қатнасықларды беккемлеў, шегара аймақларында саўда ислеў, оқыў-билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў сыяқлы темаларда баянатлар тыңланды.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы илимий бирге ислесиўге бағышланған дөгерек сәўбетинде дәслеп Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Сейсмология институты ҳәм Тәжикстан Миллий Илимлер  академиясы геология, сейсмикалық турақлы қурылыс ҳәм сейсмология институтының басшылары, қәнигелери тийисли тараўлардағы әҳмийетли машқалаларды, бул бағдардағы өз-ара бирге ислесиў перспективасын додалады. Сондай-ақ, мәжилис даўамында еки мәмлекет жоқары оқыў орынлары арасындағы байланысларды және де күшейтиў илимий-инновациялық потенциалды әмелге асырыўдың әҳмийетли факторы, илим ҳәм технологияларды раўажландырыўдың ҳәзирги жағдайы, перспективасы, экспериментал биология, ядро технологияларының медицина, аўыл хожалығы ҳәм санаат тармақларында қолланылыўы, пахташылық ҳәм аўыл хожалығының басқа тараўларындағы фундаменталлық ҳәм әмелий изертлеўлер бойынша бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Сөйлесиў даўамында COVID-19 пандемиясы шараятында глобал қәўипсизлик, музлықлар ҳәм суў ресурсларын глобал ҳәм регионаллық көлемде үйрениў бойынша бирге ислесиў перспективасы, биологиялық көп түрлилик стратегиясы сыяқлы темалардың әтирапында пикир-усыныслар билдирилди.

Душанбе халықаралық конференциясының қатнасыўшылары тек баянатлар менен шекленбей, илимий бағдарда бир қатар нәтийжели келисимлерге де еристи. Атап айтқанда, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты ҳәм Мирзо Турсунзода атындағы Тәжикстан мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер институты арасында өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Тәжикстан Миллий Илимлер академиясы Ботаника, физиология ҳәм генетика институтының директоры Бобозода Бақохожа Өзбекстан Илимлер академиясы Генетика ҳәм өсимликлер экспериментал биологиясы институты менен илим докторларын таярлаў ҳәм генетика қәнигелигинен диссертациялар қорғаў бойынша өз-ара  келисиў меморандумына қол қойыўды усыныс етти. Бүгинги күнде Тәжикстанда усы бағдарда қәнигелердиң жетиспеўшилиги сезилмекте.

Тәжикстанның С.Умаров атындағы Физика-техника институты ҳәм Өзбекстан Илимлер академиясы Ядро физикасы институты арасында илимий бирге ислесиў ҳаққында келисимге қол қойылды. Усы келисим тийкарында тәреплер ядро физикасы, теориялық физика, ярымөткизгишлер физикасы ҳәм басқа да бағдарлар бойынша биргеликте изертлеў алып барады.

Конференцияның соңғы секция мәжилиси мәдений байланысларға бағышланды. Онда өзбек ҳәм тәжик халықларының тарийхы, мәдениятындағы улыўма белгилер, дәстүрлеримиздиң жәҳән цивилизациясындағы орны, мәнаўий қәдириятларымыз халық дипломатиясын және де раўажландырыў факторы екени бойынша баянатлар тыңланды. Өз-ара пикирлесиўлер ўақтында классикалық әдебият үлгилерине байланыслы қол жазбалар бойынша изертлеўлер, мақам көркем өнерин раўажландырыў, мәдений байланысларды және де күшейтиў бойынша усыныслар ортаға тасланды.

Секция мәжилисиниң соңында Әлийшер Наўайының Тәжикстан Миллий Илимлер академиясы Жазба мийрас орайы шығыс қолжазбалары фондында сақланып атырған қолжазбаларына байланыслы додалаўлар болды. Орайдың жетекши илимий хызметкери Сайдҳожа Ализода биз ушын оғада қымбатлы болған усы бийбаҳа қолжазбалар ҳаққында қәнигелеримизге мағлыўмат берди.

Қатнасыўшылар усы халықаралық илимий-әмелий конференцияның әҳмийетли екенлигин, еки мәмлекет академиклери топарларының дослық орталығындағы бундай ушырасыўлары Өзбекстан-Тәжикстан стратегиялық шериклигин жаңа мазмун менен байытыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлигин  айрықша атап өтти.

photo_2020-09-14_10-00-22.jpg

photo_2020-09-14_10-00-21.jpg

ӨзА