Нөкисте Өзбекстан миллий метрология институты мәмлекетлик кәрханасы Қарақалпақстан Республикасы филиалының шөлкемлестириўинде «Өзбекстан Республикасында метрология хызметин көрсетиў тәртибин жетилистириўге байланыслы әмелге асырылып атырған реформалар» темасында баспасөз әнжуманы болып өтти.

Илажда Өзбекстан миллий метрология институты директорының орынбасары М.Джалилов ҳәм басқалар, елимизде метрология тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде турмысымызда пайдаланып атырған ҳәр қандай нәрсениң анық өлшеми ҳәм оларды анықлайтуғын әсбап-үскенелер бар. Өлшемлерди дурыс әмелге асырыў оның анық есабының қурамлық бөлеги болып табылады. Усы процесслерди муўапықластырыў, анық ҳәм дурыс өлшемин тәмийинлейтуғын тараў-бул метрология болып табылады.

Республикамызда метрология хызметлерин көрсетиў жылдан-жылға раўажланып бармақта.  Әсиресе, соңғы жылларда бул тараўдың материаллық-техникалық базасын жетилистириўге айрықша әҳмийет берилмекте.

Усы жыл 7-апрель күни «Метрология ҳаққында»ғы (жаңа редакцияда) Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилген болып, оның 13-статьясында Өзбекстан Республикасында өлшемлердиң бирден-бир бирликте болыўын тәмийинлеўге байланыслы нормативлик ҳүжжетлер сыпатында өлшемлерди орынлаў, өлшеў қуралларын мәмлекетлик исенимнен,  метрологиялық аттестациядан өткериў ҳәм калибрлеў усыллары белгилеп қойылған. Соның менен бирге, метрологиялық тексериўлерди өткериў бойынша берилген ўәкилликлерге анықлық киргизилип, ўақыттың жумсалыўына ҳәм қәрежетлерине тәсир етиўши тосықлар бийкар етилиўи арқалы хызмет көрсетиў мүддетин еки есеге қысқартыў, усынылатуғын ҳүжжетлердиң санын дерлик еки ярым есеге  азайтыў ҳәм оларды электрон тәризде усыныў имканияты жаратылды. Және бир әҳмийетли тәрепи, метрологиялық тексериў нәтийжелерин рәсмийлестириў бланкаларын қәлпекилестириўдиң алды алынатуғын болды.

Елимизде өлшеўлердиң бирден-бир бирликте болыўын тәмийинлеў системасының нормативлик-ҳуқықый базасын жетилистириў, сондай-ақ,  метрология хызметлериниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде усы жыл 20-августта қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасында метрология хызметлерин көрсетиў тәртибин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары бул процесслердиң логикалық даўамы болды. Усы қарар менен өлшеў қуралларын мәмлекетлик сынаўдан, метрологиялық аттестациядан, мәмлекетлик исенимнен, калибрлеўден сондай-ақ, сынаў қуралларын аттестациядан өткериў қағыйдалары тастыйықланды. Бул болса, тараўдағы қатнасықларды тәртипке салыў, метрология хызмети уйымларының ўазыйпаларын белгилеў менен бир қатарда олардың жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.

Метрология хызметин көрсетиў тәртибин жетилистириўге байланыслы әмелге асырылып атырған реформалар тараўдағы бюрократлық тосықлардың алдын алыў менен бирге,  елимизде ислеп шығарылып атырған өнимлердиң жоқары сапасын ҳәм олардың дүнья базарынан беккем орын ийелеўин тәмийинлейди.

Илаж қатнасыўшылары журналистлерди қызықтырған сораўларға жуўап берди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери