Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 14-сентябрь күни электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди есапқа алыў және қадағалаў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ турмыс ҳәм экономика ушын оғада зәрүр ресурслар болып есапланады. Бул тармақлардың инфраструктурасы узақ жыллар модернизацияланбағаны себепли оларды жеткерип бериўде шығынлар көп еди. Есап-санақты орын-орнына қойыў ушын автоматластырылған системалардың зәрүрлигин турмыстың өзи талап етпекте.

Атап айтқанда, электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасы енгизилген 7 район ҳәм қалада төлемлердиң өндирилиўи 40 процентке артқан, дебитор қарыздарлық болса 20 процентке қысқарған. Бул системаны мәмлекетимиздиң барлық аймақларында енгизиў бойынша зәрүр илажлар белгиленген.

Мәжилисте электр энергиясы және тәбийғый газди есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системаларын толық енгизиў мәселелери додаланды.

Атап өтилгениндей, бул мақсетлер ушын дерлик 1,2 миллиард доллар қаржы ажыратылмақта.

– Бул қаржылардың нәтийжелилиги ҳәм қайтыўы тек ғана есаплағышларды орнатыў менен шешилип қалмайды. Тутыныўшы жумсаған энергия ресурс көлемин билиў менен системадағы шығынлар ҳәм урлықларға шек қойып болмайды. Оның ушын «энергияны ислеп шығарыўшы – магистрал тармақлар – бөлистириў тармақлары – тутыныўшы» процесслериниң ҳәр бир шынжырын қамтып алатуғын тутас онлайн системаны жаратыў керек, – деди мәмлекет басшысы.

Ҳәмме жерде есаплағышлар орнатыў, оларға хызмет көрсететуғын сервислер шөлкемлестирип, үзликсиз ислеўин тәмийинлеў, тәжирийбели кадрларды таярлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ҳәкимлер, сектор басшылары, мәҳәлле белсендилери халық пенен ҳәр күни ислесип, қарыздарлықты ўақтында төлеў, тармаққа нызамсыз қосылыўлардың алдын алыў бойынша түсиндириў жумысларын күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бүгинги күнде орынларда дерлик 4 миллион дана электр энергиясының есаплағышы орнатылып, оннан 2 миллионы бирден-бир электрон базаға қосылған. Мәжилисте, «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетине жыл ақырына шекем және 3,5 миллион электр есаплағыш орнатып, 2021-жыл 1-мартқа шекем автоматласқан системаны толық иске қосыў ўазыйпасы қойылды.

Сондай-ақ, ири  тутыныўшы ҳәм исбилерменлик субъектлери, бөлистириў пункти және трансформаторларға электрон есаплағышлар орнатып, оларды да бирден-бир электрон базаға қосыў бойынша тапсырма берилди.

«Ҳудудгазтаъминот» акционерлик жәмийети быйылғы жылдың ақырына шекем халыққа 1,2 миллион дана, келеси жылдың биринши ярымында және 2,3 миллион дана заманагөй газ есаплағыш орнатыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Онда, биринши гезекте, тәбийғый газдиң жумсалыўы ҳәм қарыздарлық дәрежеси жоқары болған 22 район ҳәм қала қамтып алынады. 4 мыңнан аслам ири тутыныўшылар, газ қуйыў шақабшалары ҳәм өндирис кәрханалары, сондай-ақ, 850 ыссыхана автоматластырылған системаға қосылады.

Энергетика министрлигине ҳәр бир район, қала кесиминде есаплағышларды жеткерип бериў, орнатыў ҳәм системаға қосыў жумысларын муўапықластырыў және қадағалаў тапсырмасы берилди.

Ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлерине аймақларда жумысшы топарлар дүзип, мәҳәлле басшылары менен биргеликте халыққа есаплағышлар орнатыўды шөлкемлестириў, пайда болыўы мүмкин болған машқалаларды жеделлик пенен шешиў ўазыйпасы қойылды.

«Аймақлық электр тармақлары» және «Ҳудудгазтаъминот» жәмийетлериниң техникалық хызметкерлери ҳәм  IT қәнигелерин бул заманагөй система менен ислесиў, оның барлық имканиятлары ҳәм қолайлықларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша маманлығын арттырыў керек екенлиги атап өтилди. Ҳәр бир аймақта есаплағыш ҳәм басқа үскенелерди оңлаў, оларға хзмет көрсетиў системасын жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден дебитор қарыздарлықты азайтыў мәселесине де тоқтап өтилди.

Тармақ басшылары электр энергиясы және тәбийғый газди есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың авоматластырылған системаларын енгизиў илажлары бойынша презентация иследи.

 

ӨзА