Жақында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Тахтакөпир районлық Кеңесиниң депутатлық топары ағзалары Тахтакөпир посёлкалық пуқаралар жыйынында жасаўшы өнермент Илмижәҳән Жолдасбаеваның қол өнери жумыслары менен танысып, машқалаларын үйренди.

Үйрениў барысында И.Жолдасбаева 2019-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Сүўретлеў өнери инженерлик сызылмасы» қәнигелигин питкергенлиги, ҳәзирги күнде жумыссыз екенлиги ҳәм өнерментшиликти жолға қойыў ушын кредит алыў, имарат мәселелеринде қыйыншылықлары бар екенлигин билдирди.

И.Жолдасбаеваның бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде Халық депутатлары районлық Кеңеси депутаты Д.Алламбергенов тәрепинен районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы «Бәркамал әўлад» балалар орайы директоры А.Низаматдиновқа депутатлық сораў менен мүрәжат етилди.

Нәтийжеде И.Жолдасбаева «Бәркамал әўлад» балалар орайына усы жыл 11-сентябрь күни «Кестешилик» дөгереги басшысы етип жумысқа алынды.

– Буннан басқа, оның өнерментшиликти раўажландырыў бағдарында кредит бойынша еткен мүрәжаты тийкарында «Халқбанк»тиң районлық филиалы басқарыўшысы А.Турдықуловқа мүрәжат етилди,-дейди Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң қәнигеси А.Өтениязова. – Нәтийжеде 15000000 сум кредит ҳүжжетлери таярланып, берилиў алдында тур.

Сондай-ақ, И.Жолдасбаеваның Тахтакөпир районы билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамынан тигиў машинасы менен тәмийинлениўи бойынша районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими тәрепинен усыныс билдирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги